И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатында «Баспасөз күнлери» шеңбериндеги «Ашық есиклер күни» илажы өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-февральдағы «Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманының, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң 2019-жыл 14-октябрьдеги «Баспасөз күнлерин өткериў ҳаққында»ғы буйрығының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилген илажға «Тонг юлдузи» газетасының бас редакторы Ф.Одилова, «Ғунча» журналының бас редакторы Д.Шомаликова, «Гулхан» журналының бас редакторы З.Хасанова, жергиликли газета-журналлардың бас редакторлары, республикамыздың қала ҳәм районларындағы улыўма орта билим бериў мектеплери директорларының руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасарлары  қатнасты.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер баспа басылымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм орынларда билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң оларға итибарын қаратыў арқалы газета-журналларға ықтыярлы түрде жазылыўшылардың санын арттырыўға, газета-журналлар арасында бәсекини раўажландырыў арқалы сапасын жақсылаўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.  Илажда балалар ҳәм жас өспиримлер ушын арналған газета-журналларға жазылыў, перзентлеримиздиң китап, газета оқыўға ықласының артыўына имканият жарататуғыны атап өтилди.

Илажда газета-журналлардың бас редакторлары өз басылымларының тарийхы ҳәм бүгинги күндеги жумысы ҳаққында мағлыўмат берди.

Ушырасыўда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, келешектеги ўазыйпалар белгиленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.