Инсан мәплери ҳәмме нәрседен жоқары туратуғын елимизде халықтың тәшиўиши ҳәм машқалаларын тыңлап, олардың мүрәжатларын унамлы шешиўге үлкен итибар қаратылмақта. Өзбекстан «Адолат» СДП Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен усы мақсетте жумысшы топар дүзилген болып, оның ағзалары ҳәр ҳәптениң сәршемби күни мәкан-пуқаралар жыйынларында өз сайлаўшылары ҳәм пуқаралар менен тиккелей ушырасып пуқаралардың мүрәжатларын тыңламақта.

Олар өткерилген усындай ушырасыўларда елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин түсиндирип, пуқараларды қыйнап атырған мәселелерди унамлы шешиўге ҳәрекет етпекте.

– Атап айтқанда, жақында Нөкис қаласындағы «Шымбай шайхана» МПЖ турғынлары менен сәўбетлесиў өткерилди,-дейди партияның Нөкис қалалық кеңесиниң баслығы Расул Қудияров. – Сәўбетлесиў пайытында аймақтағы Ж.Аймурзаев көшесинде жасап атырған пуқара О.Қәллибекова үйиниң төбесин шиферлаў ушын қәрежети жоқ екенлигин айтып, әмелий жәрдем бериўин сорап мүрәжат етти.

Усы мәселе бойынша халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Я.Абдуллаева Нөкис қаласы прокуроры ҳәм Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығына депутатлық сораўнама менен мүрәжат етти ҳәм мәселениң толық шешимин табыўда оған жәрдем бериўге ўәде берди.

Депутатлық сораўда көрсетилген О.Қәллибекованың тийкарлы мүрәжаты ҳәр тәреплеме үйренилип, оған Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен 10 миллион сумлық қаржы ажыратылды. Нәтийжеде үйдиң төбеси шиферланды.

Ушырасыўлар даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.