Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

 Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўлар алдынан сиясий партиялар тәрепинен үгит-нәсият илажлары күшеймекте.

Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басламасы менен Қоңырат, Қанлыкөл, Мойнақ, Хожели, Шымбай, Шоманай, Тахтакөпир, Беруний, Әмиўдәрья, Елликқала ҳәм Нөкис районларында усындай илажлар шөлкемлестирилди.

– Итибар берип қарасаңыз, быйылғы шөлкемлестирилип атырған сайлаўалды илажлары тәсиршең болмақта. Олар кеўилашар илажлар, акция, шоу-концерт бағдарламалары менен өзгешеликке ийе,-дейди партияның Елликқала районлық Кеңесиниң аппарат баслығы Д.Шарапова. – Усындай мазмундағы үгит-нәсият илажлары арқалы ең шетки аўылларда жасайтуғын халықтың арасына да тереңирек кирип барып, партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын түсиндириўге, олардың санасына партиямыздың бүгинги күнде алып барып атырған жумысларын тек санда ғана емес, ал сапа жағынан да көрсете аламыз.

– Өзим де көп ўақыттан берли партия белсендисимен,-дейди Еликқалалы жеке исбилермен Манзура Джуматова. – Партияның «Ҳаял-қызлар қанаты» районлық бөлиминиң ағзасыман.

Әсиресе, партиямыз  ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин ҳәм абырайын еле де арттырыў, оларды исбилерменликке кеңирек тартыў, электоратымыз болған исбилерменлердиң қатарын және де кеңейтиў, исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, олардың мәплерин қорғаўға баслама көтерип келмекте. Буны өз турмыс мысалымда да айтыўым мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.