САЙЛАЎ-2019                    

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы халықаралық баспасөз орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминде усы жылдың 22-декабрь күни  Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўға бағышланған брифинг болып өтти.

Илажда халықаралық баспасөз орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң ағзалары, Әдиллик министрлиги қәнигелери, сиясий партиялардың ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Брифингти Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров басқарып барды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарарына муўапық усы жылдың 20-октябринен 20-ноябрине шекем «Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы» өткерилмекте.  Илаждан гөзленген мақсет, сайлаўшылардың ҳуқықый билимлерин еле де жетилистириў, сайлаў мәдениятын арттырыў, халықтың болажақ сайлаўларда белсене қатнасын тәмийинлеў, усы арқалы оларда елимиздиң келешегине қатнас сезимлерин жетилистириўге қаратылған.  Қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша сайлаў комиссияларының ағзалары тәрепинен әдиллик уйымларының қәнигелери менен биргеликте аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында, мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында «Сайлаў нызамшылығындағы өзгерислер» темасында ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери өткерилип, ғалаба хабар қуралларында шығыўлар шөлкемлестирилмекте.

-«Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы» шеңберинде республикамыз аймағындағы барлық 411 пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымын қамтып алыў мақсетинде илажлар ислеп шығылды ҳәм сол тийкарында жумыслар алып барылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Әбилқасым Өтеўлиев.-«Жаңа Өзбекстан, Жаңа сайлаўлар» сүрени астында өткерилетуғын сайлаўлардағы өзгерислерди ҳәр бир сайлаўшыға жеткериўде ғалаба хабар қуралларының атқаратуғын хызмети айрықша әҳмийетке ийе. Сонлықтанда, бул бағдарда әмелге асырылған жумыслар талқыланып, алда турған ўазыйпалар белгиленди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды ҳәм халықаралық баспасөз орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминде журналистлерге жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.