Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен «Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы» шеңберинде Нөкис қаласындағы 9-санлы сайлаў округи, 20, 25 ҳәм 60-санлы сайлаў участкаларында участкалық сайлаў комиссиясының ағзалары ҳәм аймақтағы пуқаралар ушын семинарлар шөлкемлестирилди.

Семинар қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси, Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының қарарлары бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

– Мәкан-пуқаралар жыйынымызда өткерилген бүгинги ушырасыўда аймақта жасап атырған пуқаралар Сайлаў кодекси ҳәм сайлаўға байланыслы басқа да нызамшылықлар бойынша көплеген мағлыўматларға ийе болды, деп ойлайман,-дейди «Туңғыш қоныс» МПЖ баслығы Т.Байназаров. – Жасы үлкенлер шығып сөйлеп, пикир-усынысларын билдирди. Аймағымызда жасайтуғын барлық пуқаралар декабрь айында болып өтетуғын сайлаўға шаңарақ ағзалары менен белсене қатнасып, өзлери қәлеген талабанға даўыс береди, деп исенемен.

Семинар қатнасыўшылары тараў хызметкерлеринен өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап ҳәм басқа да мәселелер бойынша мәсләҳәтлер алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.