Ҳүкиметимиз тәрепинен халқымыздың тыныш-татыў турмыста жасаўы ушын барлық жумыслар әмелге асырылмақта. Сондай екен, олардың қуралланыўына зәрүрлик бар ма? Бул да нызамшылығымыз бенен белгиленген.

Бирақ, айырым шахслар тәрепинен әмелдеги нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң талапларына қайшы түрде сырт еллерден елимизге ҳәр қыйлы түрдеги қурал-жарақларды бажыхана шегарасы арқалы нызамсыз түрде алып кириўге болған урыныўлар анықланбақта.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының мәлимлеме хызмети тәрепинен бизге берилген мағлыўматларға қарағанда, жақында «Даўыт-ата» шегара бажыхана посты арқалы Өзбекстан Республикасына өтиў ушын пияда кирип келген Тәжикстан Республикасының пуқарасы Я.Н.ның қол жүклери тийисли тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилген.

Тексериў даўамында оған тийисли жүклердиң арасынан бажыхана хызметкериниң аўыз-еки сораўына мәлим етилмеген, жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген, ҳеш қандай ҳүжжети болмаған 1 дана “MILSIG” ҳәм 1 дана “TPN Sierra One”   маркалы газ бенен ислейтуғын автоматларды нызамсыз түрде Россия Федерациясынан алып кирип киятырғанлығы анықланған.

Ҳәзирги ўақытта бул факт бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.