Халқабадта бос турған «Xalqabad platina» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли склад имаратының орнында «Baxtiyar konditer» сыңар кәрханасына қараслы нан, макарон өнимлерин, пластик айна, қапыларды ҳәм заманагөй кийим-кеншеклерди ислеп шығаратуғын цехлар жумыс баслады.

Қарақалпақстан Республикасындағы ислеп шығарыў майданлары 2 мың квадрат метрден жоқары болған 33 объекттен 21 инде инвестиция жойбарлары әмелге асырылып, соннан 11 объектти 2017-жылдың соңына шекем, ал, 10 ын 2018-жылда иске түсириў режелестирилген.

Бүгинги күнде солардан тоғызы жумыс баслаған. «Baxtiyar konditer» сыңар кәрханасы усы 9 объекттиң бири. 200 миллион сумлық инвестиция есабына иске түсирилген бул кәрханада ҳәзирги күнде 12 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

Кәрханада айына 3  тонна макарон, 15 тонна нан, халықтың талабына қарай кийимлер ҳәм пластик айна, қапылар ислеп шығарылады. Бул өнимлерди ислеп шығарыў ушын заманагөй үскенелер орнатылған.

Еслетип өтемиз, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-февральдағы «Исбилерменлердиң өндирис майданларынан пайдаланыўын және де хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарында коммерциялық банклер қурылысы тамамланбаған объектлер ҳәм пайдаланылмай атырған ислеп шығарыў майданлары тийкарында инвестиция жойбарларын әмелге асырып атырған юридикалық ҳәм физикалық шахсларға, сондай-ақ, ижарашыларға 5 жыл мүддетке шекем, жеңилликли дәўири 12 ай болған ҳәм Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасынан артпайтуғын ставка бойынша жеңилликли кредитлер ажыратыўы белгиленген еди. «Baxtiyar konditer» сыңар кәрханасы да исбилерменлер ушын жаратылған усындай имканияттан утымлы пайдаланбақта.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы