Усы жыл 28-октябрь ҳәм 6-ноябрь күнлери Түркия мәмлекетиниң Чорум қаласында 16 жасқа шекемги жаслар арасында Дүнья жүзилик Шахмат олимпиадасы бөлып өтеди.

Бүгин таңда Өзбекстан сайланды командасы Түркияға жөнеп кетти. Елимиздиң абырайын GM бағдарында Нодирбек Абдусаттаров (Ташкент, 2004ж.т.), FM бағдарында Али Касимов (Самарқанд, 2003ж.т.), Муҳиддин Мадаминов (Ташкент, 2006ж.т.), WFM бағдарында Умида Омонова (Сурхандәрья, 2006ж.т.)лар қорғайды. Команда тренери ҳәм сәрдары GM бағдары бойынша қәниге Сайдали Юлдашев.

Өзбекстан Шахмат Федерациясы баспасөз хызметиниң бизге берген мағлыўматларына қарағанда, спортшылардың жарысқа қатнасыў қәрежетлери Санлы экономиканы қоллап-қуўатлаў «Санлы исеним» фонды тәрепинен қаржыландырылған.

Олимпиада 9 турдан ибарат болып, швейцарша системада өткериледи.

Еслетип өтемиз: Өткен жылғы Дүнья жүзилик Шахмат олимпиадасында Өзбекстан сайланды командасы чемпионлықты қолға киргизген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.