ӨзЛиДеП Беруний районлық кеңесиниң басламасы менен «Абу Райхан Беруний» майданында «Жаңа Өзбекстанды биргеликте қурамыз!» сүрени астында сайлаўалды үгит-нәсият илажлары шөлкемлестирилди.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық ҳәм районлық кеңеслериниң хызметкерлери, депутатлар, партия белсендилери, электорат ўәкиллери ҳәм жаслар қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, быйылғы сайлаў бурынғы сайлаўлардан үлкен айырмашылыққа ийе. Жаңа түрдеги үгит-нәсият илажларының, акциялардың да өткерилиўи елимиздеги сайлаў системасының ашық-айдын өтиўинде, болажақ сайлаўларда ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм кең жәмийетшиликтиң де белсенди болыўы менен тығыз байланыслы. Илажды өткериўден тийкарғы мақсет – партияның идеялық мақсет ҳәм ўазыйпаларын кең жәмийетшиликке, әсиресе сайлаўларда дәслепки мәрте даўыс беретуғын жасларға кеңнен түсиндириў болып есапланады.

– Итибарлы тәрепи быйылғы сайлаўлар «Жаңа Өзбекстан. Жаңа сайлаўлар!» сүрени астында жаңа Сайлаў кодекси тийкарында өткериледи,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы Х.Маткаримова. – Партиямыз да жаңа идея ҳәм көз-қараслар, «Мәмлекет те, реформалар да ең дәслеп инсанға хызмет етиўи керек» сыяқлы идеялар менен ортаға шығып атыр. Бунда ҳәммемиз биргеликте, үлкен күш болып ҳәрекет етиўимиз тийис.

Илаж даўамында халықтың сиясий процесслердеги белсендилигин еле де арттырыў мақсетинде «ӨзЛиДеП билимданы» интерактив ойынлар шөлкемлестирилди ҳәм жеңимпаз болған жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Илажда районлық мәденият бөлими тәрепинен қонцерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.