Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилгениниң отыз жыллығы байрамынан кейинги ойлар.

Жедел пәт пенен өзгерип атырған заманда өтип атырған ҳәр бир күнниң өзине тән айрықша орны, тарийх бетлерине жазылып атырған жаңаланыўлар турмысымызға жаңаша мазмун бағышламақта. Тилимиздиң қәдирият сыпатында қәдирлениўи оның ески ҳәм бай тиллеринен бири, миллий өзлик тымсалы екенлигинде айқын көринеди. Буның ҳәммеси мәмлекетимизде усы жылдың 21-октябрь күни балалар бақшасынан баслап, ҳәр бир оқыў орнын, мийнет топарлары, илим әдебият, көркем өнер шеберлери арасында кеңнен белгиленген өзбек тилине Мәмлекетлик бийлиги берилгениниң отыз жыллық байрам салтанатларында көрсетилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң отыз жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде «Түркий тиллердиң үлкен шаңарағына тән болған өзбек тилиниң тарийхы халқымыздың көп әсирлик өтмиши, оның арзыў-әрманлары, жетискенликлери ҳәм ерисилген табыслары менен тығыз байланыслы болып есапланады.

Ата-бабаларымыз усы ана тилимиз арқалы жәҳәнге өз сөзин айтып келген. Усы тилде уллы мәденият үлгилерин, үлкен илимий ойлап табыўлар, көркем дүрданалар жаратқан» деп айрықша атап өтти.

Байрам күнинде Президентимиздиң «Өзбек тилиниң Мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайы ҳәм ролин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы байрам кейпиятына және де көтериңкилик бағышлады.

Әсиресе Пәрман тийкарында өзбек тилиниң халықымыздың жәмийетлик турмысында ҳәм халықаралық көлемдеги абырай-итибарын түп-тийкарынан арттырыў, өнип-өсип киятырған жасларымызды ўатансүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға садықлық, уллы ата-бабаларымыздың бай мийрасына садықлық руўхында тәрбиялаў, мәмлекетимизде мәмлекетлик тилди толық түрде енгизиўди тәмийинлеў мақсетинде 21-октябрь сәнесин «Өзбек тили байрамы күни» деп белгилеў бойынша жуўапкер шөлкемлерге ўазыйпалар жүкленди.

Тил уллы қәдирият ҳәм бийбаҳа байлық болып есапланады. Неге десеңиз,биз билемиз шаңарақта перзент биринше мәрте сөйлегенде ана сөзин меҳир менен айтады. Тилимизге ана тили деп тәрийп берилген. Биз перзентлеримиздиң сөзлеринен гәплер қурап, емин-еркин сойлеп атырғанында ана тилимиз бар екен миллетимиздиң жасап атырғаны, елимиз мәңгилик екенлиги, мәнаўиятымыз бийбаҳа байлық ҳәм кеўилдиң сергеклигин сеземиз. Ғәрезсизлигимиздиң руўхый тийкарларын беккемлеўде, жас әўладти қәдириятларымызға муҳаббат, Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда ана тилимиздиң қаншелли бай екенлиги ҳәм жетилистирилип атырғанлығы үлкен әхмийетке ийе болып атырғанын аңлаймыз.

Өзбек тилине Мәмлекетлик бийлиги берилгенинен берли өткен жыллар даўамында тилге болған итибар өсип, ол мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Нызамның 2-статьясында өзбек тилине Мәмлекетлик бийлик берилиўи, республика аймағында жасайтуғын миллет ҳәм халықлардың өз ана тилин еркин қолланыўына тосқынлық етпеўи ҳуқықый жақтан тийкарланып берилген. Қарақалпақстанда да қарақалпақ тилин үйрениўге болған итибар күшейип, қарақалпақ тилиниң және де байыўы, қурамалы болыўы ушын кеңнен имканият ҳәм шараятлар жаратылғаны онда көринип турыпты. Қарақалпақстанда Қарақалпақстан Республикасының «Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилиўи ҳаққында»ғы Нызам ҳәрекетте.

Өзбек мектеплеринде қарақалпақ тили, қарақалпақ мектеплеринде өзбек тилиниң үйренилиўи халықларымыздың ески дәстүрлери сақланып, қәдириятлары үйренилип атырғанында, өз-ара дослық байланыслары және де беккемленип атырғанында өз көринисин таппақта.

Егер усы Нызамның 4-статьясына итибар берип қарасақ жоқарыдағы пикиримиз өз дәлийлин табады. Яғный усы статьяда ҳәр бир пуқараның өз ана тилин үйрениў ушын шараятлар жаратыў, сондай-ақ, Өзбекстанда жасайтуғын түрли миллетлер ҳәм халықлардың тиллерине де иззет-ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыўдың ҳуқықый тийкарлары беккемлеп берилген.

Буллардың ҳәммеси әсиресе соңғы үш жылда елимизде тилге берилип атырған итибардың, мәмлекетимиз Конституциясы ҳәм Нызамларында беккемлеп қойылғанында азат ҳәм еркин турмыс, кеңпейиллик. абаданлық ҳәм ҳәр бир пуқараның ел тәғдири, Ўатанның раўажланыўы, келешекке байланыслылық үлеси менен жасап атырғанында корсетилмекте.

Президентимиздиң Мәмлекет тилди және де жетилистириўге болған үлкен итибары Мәмлекетлик тил қабыл етилгениниң отыз жыллығын белгилеў ҳаққындағы Қарарында да кеңнен сәўлеленгени пикиримиздиң айқын дәлийли болып есапланады. Қарарда «Өзбек тилиниң раўажланыўы ҳәм Халықаралық бирге ислесиў мәселелери» темасында илимий әмелий Халықаралық конференция, «Өзбек филологиясының әҳмийетли мәселелери» темасында конференциялар өткериў бағдарындағы ўазыйпалар әлбетте бул бағдарда алып барылатуғын кең көлемли илаж ҳәм ўазыйпалардың бир бөлеги болып есапланады.

Елимизде кеңнен белгиленген тил байрамы мәнаўият – кеўил сергеклиги екенлигин және бир мәрте тастыйықлады. Жақында бир журналист пенен сәўбетимизде инсан мәнаўияты ҳәм жәмийетимизде жүз берип атырған глобаллық жаңаланыўлар, пуқараларымыздың санасы ҳәм ой-пикиринде унамлы өзгерислер дүньятаным, бәркамаллық ҳаққындағы пикирлердиң айдынласып атырғаны ана тилимизге байланыслы ма деп сораў берди. Яғный оларды терең аңлаў ушын адам қаншелли мәнаўиятлы болыўы керек?

Күн сайын раўажланып атырған елимизде бул сораў көпшиликтиң кеўилинен кешип атырған шығар. Не болғанда да соңғы еки-үш жыл ишинде Президентимиздиң бул тараўға берип атырған айрықша итибары шексиз екенлигин көрип атырмыз. Себеби мәнаўият, әдебиятымыз, көркем өнеримиз, илим, тарийхымыздың тиклениўи, дүнья илимлерин өз ишине алатуғын ислам тәлийматының негизин салыўшылар, үгит-нәсиятлаўшылардың неше мың жыллар алдынғы жумысы, қалдырған бийбаҳа дөретпелери үйренилип атырғанлығы, әсиресе ана-тилимиз болған өзбек тилиниң уллығланып атырғаны жоқары мәнаўият болып есапланады. Усы мәнаўият инсанлардың кеўлин оятыўға, китапқа қайтыўға, уллы ата-бабаларымыздың ҳикмети менен қайта-қайта жүзлениўге шақырмақта.

Мен сораў берген журналист пенен сәўбетлесер екенмен, мәнаўият – ең дәслеп ғәрезсизлигимизди, еркин ҳәм азат турмысымызды терең аңлаўда, социаллық-экономикалық турмысымызда жүз берип атырған барлық унамлы өзгерислер Ўатан ҳәм миллеттиң раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе екенлигин терең түсиниўде деген пикирге келдик.

Ҳақыйқатында да мақтаныш сезими мәнаўиятлы адамның келбети. Усы орында және бир сораў ҳаққында пикир жүргизип көрейик. Бахыт ҳәм мәнаўият түсиниги.

Өмирдиң ҳәр бир күни бахыттан ибарат емес. Оның аўыр жеңили, әўмет ҳәм әўметсизлиги, қулласы пәс-бәлентине дус келемиз. Өмир болса даўам етебереди. Жаңа әўлад дүньяға келеди. Перзентлеримиздиң руўхый дүньясының қәлиплесиўинде дурыс тәрбияның орны үлкен.

Өмирде мәнаўияты жоқ инсан өз өмири ҳәм тәғдирине туўры нәзер таслай алмайды. Ол жақсыны жақсыға, жаманды жаманға ажыратыўда қыйналады. Өзи менен өзи болып қалады. Дүнья илимлерине өзиниң көзқарасын аша алмайды. Себеби оның үйинде бирде-бир китап жоқ, мәнаўият түсинигин билиў ушын китаптың бетин ашпаған, рәўият ҳәм гүрриңлерди тыңламаған, фильмлерди көрсе де олардан дурыс жуўмақ шығара алмаған адамлар.

Бундай инсанлар арамызда жоқ деп те айта алмаймыз. Бир ойлап көриң, Мәмлекетимиз басшысы не себептен китапқа болған итибарды күшейтип атыр?

Инсанлардың руўхый дүньясын байытыў ушын илимниң раўажланыўына үлкен имканиятлар жаратылып, халықаралық конференциялар өткерилип жаңа изертлеўлер пайда болмақта, олар әмелге асырылмақта.

Әлбетте, бүгинги күнде елимизде көпшилик китап оқыйды. Биз тилге алып атырған мәнаўият кекселеримиз, жасларымыздың қолына алып атырған китаплардың ишинде. Айырымлары өз пикирлерин билдире алмай, жумысы жүриспей турған, адамға «Эй, бул оқымаған» деп айтады. «Оқымаған» дегени бул жоқары мағлыўмат алған ямаса алмағаны емес, оның китап бетин ашып көрмегени, китап мазмунынан шешимлер шығарып, турмысқа салыстырып билмегени нәзерде тутылады.

Себеби китаптың ишинде бай әдебий тилимиз бар.

Бүгинги  күнде турмысымызға басшы мәнаўият деген түсиник те кирип келди. Президентимиздиң баянатларын тыңлағанымызда бул түсиник санамызға көбирек сиңеди, пикиримиз айқынласады.

Президентимиздиң басшылығында шөлкемлестирилген «Халық қабыллаўханалары»на келген адамлардың тәшиўишин еситип дурыс жол көрсетип атырған басшылар, сектор басшылары әлбетте мәнаўиятқа бир қәдем қойды. Пуқаралар менен турмыстың машқалалары ҳаққында сәўбетлесиў, сол арқалы бул өмирди терең аңлаў адамлардан үйрениў дегенди аңлатады.

Бул орында да өз-ара түсинисиў, өз-ара ҳүрмет, инсанийлық пазыйлетлери тил арқалы көрсетилди.

Итибар берсек, буннан еки-үш жыл алдын адамлар «Халық қабыллаўханалары»нда өзиниң дәрт ҳәм тәшўишлерин көп айтатуғын еди. Бүгинги күнде бул жағдай өзгермекте. Яғный пуқаралар аўылына суў жетиспеўшилиги, электр энергиясындағы үзилислер, балалар бағшасы, мектеп зәрүр деген усынысларды ортаға таслап атыр. Бул халқымыздың мәнаўиятының өсип атырғанын дәрек береди.

Биз билемиз, шаңарақ беккем болса жәмийет те беккем болады. Шаңарақ тыныш болса жәмийет тыныш болады, раўажланады. Шаңарақтың бас буўыны ата-ана ҳәм перзентлердиң қарым-қатнасларына байналыслы. Дурыс ҳәр бир шаңарақ жәмийеттиң оғада үлкен таянышы. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәҳәлле институтларының жумыслары жетилистирилмекте. Шаңарақ орайларының жумыс алып барыў майданы кеңеймекте. Ҳаял-қызлар комитети, жарастырыў комиссияларының жумыслары жаңланды. Булардың ҳәммеси бир балаға жети мәҳәлле ата-ана деген, бурыннан киятырған ҳикметти бүгинги күнде турмысқа сиңдирип турыпты.

Бирақ өмирге нәзер тасласақ ҳәр бир шаңарақтың өзиниң ишки дүньясы, өзиниң ишки сырлары бар. Мәселен, ананың жасы еле 50 ге толмаған, келин түсирип атыр. Сондай бир дәўирде жасап атырмыз, ҳеш ким да қартайғысы келмейди. Келин де жас, қайынене де. Келин болса басқа бир шаңарақта тәрбия алған. Бул жерде қандайда бир тоқнасыўлар, қыйыншылықлар келип шығады. Айырым ўақытлары келин болып түскен қыздың дүньяға көзқарасы жаңа шаңараққа дурыс келмейди. Себеби ҳәр бир инсанның өз әлеми бар.

Мақаламыздың басында Мәнаўият кеўил сергеклиги, тилимиз улығланып, жетилисип атырғанлығы болса мәнаўият ушын хызмет ететуғыны ҳаққында атап өткен едик. Ҳақыйқатында да бул еки түсиник бир-бири менен тығыз байланысқан. Мәнаўиятымыз бай болыўы, кеўилимиз сергек болыўы ушын анна-тилимизди жақсы билиўимиз, ҳүрмет етиўимиз керек.

«Тил билген ел биледи» дейди дана халқымыз. Бүгинги күнде перзентлеримиз шет тиллерин үйрениў ушын үлкен имканиятлар жаратылған. Перзентлеримиз, ақлық, шаўлықларымыз үш-төртеўден шет тиллеринде сөйлесе алады. Бул үлкен жетискенлигимиз әлбетте. Бирақ олар өз ана тилин де терең билиўи, өз пикирлерин еркин ҳәм мәнили тәризде билдирип бере алыўы да керек.

Мәмлекетимиз басшысының өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң отыз жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей «Биз халқымыздың тәғдири, ертеңги күни ҳаққында ойлар екенбиз, бәринен бурын, миллетимиздиң пазыйлетлерин, гөззал үрп-әдетлеримиз, бийтәкирар көркем өнеримиз ҳәм әдебиятымызды, ана тилимизди көздиң қарашығындай қәстерлеп-сақлаўымыз зәрүр.

Улыўма етип айтқанда, ҳәр биримиз мәмлекетлик тилге болған итибарды ғәрезсизликке болған итибар деп, мәмлекетлик тилге ҳүрмет ҳәм садықлықты  ана Ўатанға ҳүрмет ҳәм садықлық деп билиўимиз, усындай көзқарасты турмысыз қағыйдасына айлантырыўымыз керек.

Бул ийгиликли ҳәрекетте бәршемиз өзимизден, өз шаңарағымыз ҳәм топарымыздан баслаўымыз, ана тилимизге, үрп-әдет ҳәм қәдириятларымызға ҳүрмет, Ўатанға меҳримизди әмелий жумыста көрсетиўимиз керек».

Мәнаўият – кеўил сергеклиги, тилимиз болса мәнаўиятымыздың бесиги, миллетимиздиң айнасы болып есапланады.

Тилимиз мәнаўиятымыз ушын да, әдебиятымыз, көркем өнеримиз, тарийхымыз, әўладлардың кәмил инсан болып жетилисип шығыўы ушын, ғәрезсизлигимиздиң мәңгилиги, миллетимиздиң дүньяда мәңги турыўы ушын хызмет ететуғыны сөзсиз. Мәнаўият тараўында тилимиздиң бай қурамы, миллетимиздиң мәңги жасаўы ушын ҳуқықый тийкарлардың жаратылыўы, Ўатанымыздың социаллық-экономикалық раўажланыўы ушын алып барылып атырған реформаларда тилимизге қаратылып атырған итибар ҳәм алдымызға қойылған ўазыйпалардың әмелге асыўында ҳәр биримиз арқаў ҳәм ерис болыўымыз дәўир талабы болып есапланады.

Гүлистан АННАҚЫЛЫЧЕВА,

Қарақалпақстан халық шайыры,

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының ағзасы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги