Өзбекстанда Chevrolet Onix  товар белгисин дизимнен өткериў ушын арза берилди. Бул хаққында Интеллектуаллық мүлк агентлигиниң «Интеллектуаллық мүлк» мәлимлеме-излеў системасы арқалы билип алыў мүмкин, деп жазады xs.uz  сайты.

Мағлыўмат ушын, быйыл 1-марттан товар белгилерин дизимнен өткериўдиң жаңа тәртиби тастыйықланды. Ендигиден былай агентликке арза берилгеннен ке       йин бир жумыс күни даўамында арзалар ҳаққындағы мағлыўматлар оның сайтына жайластырылыўы керек.

1-сентябрьден баслап болса товар белгисин дизимнен өткериў ушын арзалар бериў тек ғана электрон көринисте мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы әмелге асырылмақта.

Chevrolet Onix товар белгисин дизимнен өткериў бойынша арза General Motors LLC US тәрепинен 24-сентябрь күни берилген. Оның классификациясы автомобиль, анық етип айтқанда, жәмийетлик транспорт ушын үскенеленген ҳәм сатылатуғын жолаўшы автомобиль болып есапланады.

Быйыл июнь айында Газета.уз сайты өзиниң дәреклерине сүйенген ҳалда GM Uzbekistan (июль айында оның аты UzAvto Motors деп өзгертилген) Сhevrolet Onix  седанын ислеп шығарыў мүмкин екенлиги ҳаққында хабар берген еди. Бул «Ўзбекистон 24» телеканалында көрсетилген кадрларда да тастыйықланған еди. Онда Onix моделиниң локализациялаў дәрежеси 60 процент болатуғыны ҳаққында сөз болған.

Chevrolet Onix маркасы 2016-жылғы Chevrolet Cavalier моделиниң терең модернизацияланыўының нәтийжеси болып есапланады. Ол 2019-жылы Қытайда көрсетилген. Бул марка әпиўайыластырылған Delta II платформасына тийкарланады. Бул Кобальт моделиниң Gamma II платформасына ҳәр тәреплеме уқсап кетеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги