Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, комитеттиң қадағалаў инспекциясы ҳәм биокөптүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийий аймақлар мәселелери бойынша мәмлекетлик инспекторлары усы жыл 16-октябрь күни орынларда гезектеги рейд кадағалаў илажларын өткерген.

Рейд илажлары барысында, Мойнақ районы турғынлары С.Р., ҳәм Ш.Б. өзлериниң қолдан исленген ескекли қайығы жәрдеминде, районның «Қазақдәрья» АПЖ аймағынан ағып өтип турған дәрьяға қадаған етилген, узынлығы 260 метрлик төрт дана жилка аўы ҳәм үш дана узынлығы 200 метр болған капрон аўлары менен 8 дана судак, 1 дана сазан, 1 дана лещ ҳәм 172 дана ақ балықларды нызамсыз аўлаған жеринде иркилген.

Бул пуқаралар жоқарыда көрсетилген ис ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы «Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамының 35-бөлими талапларын бузған.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик Министрлигинен 2006-жыл 2-майда дизимнен өткен «Аң ҳәм балық аўлаў» қағыйдасында Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьядан аў дузақлар жәрдеминде балық аўлаў қадаған етиледи, деп көрсетилген.

Бул пуқаралардың Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 20-октябрь күнги 290 санлы қарарының 14-қосымшасына тийкар тәбиятқа 78 миллион 785 мың 900 сум зыян келитирилгени анықланды.

Усланған балықлар Қарақалпақстан Республикаси Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң  Шымбай районлық бөлими тәрепинен пайдаланыўға жарамлы деп таўылып, қайыр-сақаўат ретинде Шымбай районындағы ерлер «Мүриўбет үйи»не тапсырылды.

Топланған ҳужжетлер прокуратура органларына жиберилди.

Усындай рейд жумыслары 18-октябрьде Беруний районында да өткерилген.

Cол күни саат 00:26 әтирапында комитеттиң Беруний районлық инспекциясының биокөптүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақлар мәселелери бойынша мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен өткерилген рейд илажлары даўамында, Беруний районы «Қызылқала» АПЖ аймағында пуқаралар Р.Ш., Ж.Ж., А.Н., ҳәм Ш.М.,лар 1 дана «УАЗ» хәм 3 дана «ГАЗ 53» маркалы автотранспортларда нызамсыз түрде сексеўил өсимлигин алып баратырғаны анықланды.

Ҳуқықбузыўшыларға жәми 8 миллион 643 мың 480 сум зыян белгиленди.

Соннан, тәбиятқа келтирген зыяны 4 миллион 183 мың 480 сум болып, оларға 4 миллион 460 мың сум жәрийма белгиленди.

Рейд илажлары даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.