Арқа-Батыс әскерий округинде Нөкис қаласындағы 10 мектептиң жоқары класс оқыўшыларының қатнасыўында округ әскерлери саркардасының «Ўатансүйиўши жаслар» әскерий спорт эстафетасы өткерилди.

Жарысты округ әскерлери сәркардасы полковник Д.Чориев ашып берип, жасларға табыслар тилеп, Президентимиз тәрепинен алға қойылған 5 әҳмийетли баслама, оның әҳмийети, сол тийкарда шөлкемлестирилген усы эстафеталық жарыс жасларды Ўатансүйиўшилик руўҳында тәрбиялаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, спортқа қызығыўшылығын арттырыў ҳәм турмысқа таярлаў ушын хызмет ететуғынлығын атап өтти.

Алдағы ўақытлары усындай спорт эстафетасы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында ҳәр жылы өткерилетуғынлығын мәлим етти.

Жарыста ҳәр бир командада 3 ер бала ҳәм 3 қыз бала қатнасты.

Нөкис гарнизонының мини-полигонында жаслар жәмәәт болып ҳәрекет ете алатуғынлығын көрсетти. Жарыста разведкашылардың тосықлы жоллардан өтиўи, БТР-80 қуралының гөзлеўши оптикалық үскенесин нышанға дурыс бағдарлаўы, автоматты толық емес бөлеклерге ажыратыўы ҳәм жыйнаўы, гранатаны белгиленген жерге ылақтырыўы, пневматикалық мылтықтан мергенлигин көрсетиўи, ғалаба қырғын қуралларынан қорғаныў кийимин кийиўи, шәртли жарадарға медициналық жәрдем көрсетиўи ҳәм радиобайланыс орнатыўы сыяқлы шәртлер орынланды.

Жеңимпазлар анықланып 19-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы биринши, 36-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы екинши, 17-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар округ әскерлери сәркардасының кубоги, естелик саўғалары ҳәм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Әскерий спорт эстафетасы шеңберинде жаслар ушын қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалардың көргизбеси, мобиль дала асханасында ыссы аўқат шөлкемлестирилип, концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.