Өзбекстанда Президент университети шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басшылары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының қатнасыўында өтип атырған баспасөз конференциясында мәлим етилди.

Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын  2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында Президент университетин шөлкемлестириў де нәзерде тутылған. Оған бола, Президент университети – халықаралық стандартлар ҳәм миллий қәдириятлардың үйлеслигинде жоқары маманлықтағы, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе, еркин пикирлейтуғын, ўатанды сүйетуғын, профессионал кадрларды таярлайтуғын жетекши билимлендириў ҳәм илим орайына айланады. Сондай-ақ, Президент университетинде билимлендириўге кредит-модулы системасы енгизиледи.

 

Агентликте баспасөз конференциясы даўам етпекте.

 

Анора Содиқова, ӨзА