Ўақыялар төмендегише болған:

Екшемби күни еки жасар М.М. ханада жалғыз қалдырылған. Бала кроватьқа минип, кейин айна алдына барады ҳәм 4-қабаттағы үйдиң ашық турған айнасынан жерге қулап, алған жарақатлары себепли қайтыс болады.

Екинши жағдай сийшемби күни жүз береди – кемпир апасының үйинде болған бир ярым жасар бала айнаның алдына барып 4-қабаттан қулап түседи (бул еки квартирада 4-қабатта жайласқан). Бала емлеўханаға алып барылды, бирақ шыпакерлердиң ҳәрекетлерине қарамастан қайтыс болады.

Еслетип өтемиз бул еки бахытсыз ҳәдийсе Ташкент қаласында жүз берген. Бул ҳаққында Ташкент қаласы ИИББ баспасөз хызмети хабар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги