Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 22-августтеги «Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыўдың тезлетилген илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4422-санлы қарары ҳәм «Өндирислик кәрханалардың энергия нәтийжелилигин арттырыў» жойбарына муўапық, дөгерек сәўбети ҳәм энергия үнемлеўши үскенелерди ислеп шығарыўшылар тәрепинен саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң энергия нәтийжелилиги департаментиниң баслығы М.Ҳакимов, Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы Жәҳән банки жойбарының баслығы А.Алимбаев, «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ бас директоры З.Керимзатов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, қарар бойынша әмелге асырылатуғын илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, елимизде жанылғы-энергетика ресурсларына болған талапты үзликсиз қанаатландырыўға қаратылған нефть-газ, электр энергетика, көмир, химия, қурылыс индустриясын раўажландырыўдың узақ мүддетли стратегиясы әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, жанылғы-энергетика тармағының бар қуўатлылығы энергия ресурсларына барған сайын артып баратырған талапты толық дәрежеде тәмийинлемей атыр.

Үлкен потенциалға ийе болыўына қарамастан, қуяш ҳәм самал сыяқлы қайта тиклениўши энергия дәреклериниң имканиятларынан толық дәрежеде пайдаланылмай атыр.

Энергияны үнемлейтуғын технологияларды ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиў мәмлекетлик сиясаттың ҳәзирги басқышындағы әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Әсиресе, Қарақалпақстандағы Үстирт далалары самал энергиясынан пайдаланыў, қызылқум саҳралары қуяш энергиясынан пайдаланыў мүмкиншиликлерин береди. Бул қоршаған орталықтың тазалығы ушын да пайдалы.

Кәрхана ҳәм шөлкемлердиң, кең тутыныўшы болған халықтың энергия үнемлеўши үскенелерден пайдаланыўы болса, бир жағынан қәрежетти үнемлесе, екинши тәрептен экологиялық жағдайымызды жақсылаўға хызмет етеди.

Ҳәзирги ўақытта физикалық ҳәм юридикалық шахсларға қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң қурылмалары, энергия эффективли газ-горелкалы қурылмалар ҳәм қазанлар, сондай-ақ, энергия нәтийжели басқа үскенелерди сатып алыўға коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин қаплаўға компенсациялар усынылмақта. Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жеңиллетилген кредитлер ажыратылмақта.

Соң Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың электр үнемлеўши үскенелерди ислеп шығарыўшы «All Solаr», «Mega trans energy», «Ecover», «Solar power», «Solar technolojy» қуяш ыссылық энергиясы, «Nukuselektroapparat» ҳәм басқа да бир қатар ири кәрханаларының өнимлер көргизбеси ҳәм саўда ярмаркасы өткерилди.

Саўда ярмаркасында министрликлер, коммерциялық банклер, район (қала) ҳәкимлериниң қурылыс ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасарлары, энергияны көп жумсайтуғын ири кәрханалар, экспорт кәрханалар, локализация бағдарламасына киргизилген жойбарлар, қурылыс материалларын ислеп шығарыўшылар (пискен гербиш. ҳ т.б.) ысытыў ҳәм электр үскенелерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың басшылары қатнасты. Өнимлерди сатып алыў бойынша сөйлесиўлер алып барылып, бир қатар келисимлер дүзилди.

Қатнасыўшылар қәнигелерден энергия үнемлеўши үскенелер туўралы өзлерин қызықтырған сораўлар бойынша түсиниклер алды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Ж.Казбеков қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.