Бүгинги күндеги исбилерменлерге берилип атырған имканият пенен  жаратылған шараятлар, олар тәрепинен өндирилген өнимлердиң тек елимизде емес, ал дүнья базарларына шығарыўына мүмкиншилик бермекте. Бирақ, соған қарамастан усындай етип елдиң раўажланыўына өзиниң үлесин қосыўды мақсет еткен инсаплы исбилерменлер менен бирге, аңсат дәрамат табыўды ойлап, ис жүргизип атырған қәлбеки «исбилерменлер»де ушыраспақта.

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының бизге берген мағлыўматларына қарағанда, Төрткүл районындағы «Өзбекстан» АПЖ аймағында районлық мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен тийисли хызметлер менен биргеликте  профилактикалық илаж өткерилген.

Илаж даўамында сол жерде жасайтуғын пуқара Х.Р. ҳәм ҳәм С.С. лар өз-ара тил бириктирип, АПЖның 18-бөлиминдеги пуқара Х.Р. ға тийисли үйде қәлбеки алкоголли өнимлерди таярлап атырғаны анықланған.

Қалыс гүўалардың қатнасында баянлама дүзилип, олар тәрепинен ислеп шығарылған 2 түрдеги баҳасы 106 миллион 536 мың сумлық 7152 (0,5 литрли) шийше арақ ҳәм усы өнимлерди ислеп шығарыўға мөлшерленген, баҳасы 14 миллион 852 мың 383 сумлық 19 түрдеги үскенелер айғақлы зат ретинде алып қойылды.

Пуқара С.С. ға тийисли 21 түрдеги, жәми баҳасы 121 миллион 388 мың 383 сумлық алкоголь өнимлери ҳәм жасалма үскенелер тийисли тәртипте рәсмийлестирилди.

Орынларда салық уйымлары хызметкерлери тәрепинен халық арасында салық мәдениятын қәлиплестириў, өткерилген профилактикалық илажлар даўамында анықланып атырған нызамды шетлеп өтиў ҳәрекетлерин сапластырыў бойынша жумыслар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.