Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мағлыўматларына қарағанда, басқарма тәрепинен усы жылдың 9 айы даўамында Палата ағзалары болған 2400 ден аслам исбилерменниң, улыўма баҳасы 27 миллиард сумнан аслам болған мүрәжатларынан келип шығып олардың мәпин қорғаў мақсетинде судларға даўа арзалары киргизилген. Сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери арасында жүзеге келген 108 шағымлар медиация (судқа дейин шағымларды шешиў) процесинде шешилген. Исбилерменлик субъектлеринен келген, жәми 278 мүрәжат көрип шығылған.

– Басқармамыз тәрепинен халықтың дәрамат табыўға қаратылған турақлы мийнет пенен шуғылланыўы, шаңарақлық исбилерменликтиң раўажланыўына жәрдемлесиў бойынша системалы түрде жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди басқарманың бизнес жойбар жазыўға жәрдемлесиўши сектор баслығы Б.Қутлымуратов. –  Бул бойынша биринши гезекте ислениўи тийис болған жумыслардың бири бул – халықтың исбилерменликке болған көнликпелерин арттырыў, оларды оқытыў ҳәм мәсләҳәтлер бериў болып есапланады.

Усы мақсетте Исбилерменлик тийкарларын оқытыў орайы менен биргеликте усы жылдың октябрь айына шекем 1077 исбилермен ҳәм исбилерменликке қызығатуғын пуқаралар оқытылып, олардың 900 ден асламына сертификатлар берилди.

Басқарма жанындағы «Қарақалпақ бизнес тәлим» оқыў орайында шөлкемлестирилген 7 оқыў курсында 100 ден аслам пуқара оқытылды. Солардың 66 сы ҳаял-қызлар болып есапланады.

Буннан басқа, Саўда-санаат палатасы, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Орайлық банк бас басқармасы менен биргеликте Арқа-Батыс әскерий округиндеги 150 әскерий хызметкердиң  шаңарақ ағзаларын исбилерменликке оқытыў бойынша қысқа оқыў семинарлары шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, республикамыз бойынша Исбилерменликке жәрдемлесиў орайы ҳәм олардың бөлимлери тәрепинен, жәми 12 мың 688 хызмет көрсетилди. Олардың 12 мың 220сына ҳәм 468 исбилерменлик жумысын баслап атырған физикалық шахсларға ҳуқықый мәселелер бойынша мәсләҳәтлер берилди. Электронлы санлы имза алыўда жәрдемлесиў, есап бетин ашыў ушын ҳүжжетлер таярлап бериў бойынша бийпул хызмет, бизнес режесин, шөлкемлестириў ҳүжжетлерин, мөр ҳәм штамп үлгилерин таярлаў, шет елли компаниялар менен келисим жасаўға жәрдемлесиў, салық ҳәм статистикалық есабатларды электрон тәризде жибериў бойынша пуллы хызметлер көрсетилмекте.

Басқарма тәрепинен 8 кәрханаға, жәми 438,0 мың АҚШ долларына тең минитехналогияларды ҳәм үскенелерди табыўда тиккелей жәрдем көрсетилди. Усы жылы Германия мәмлекетинде болып өткен халықаралық заманагөй үскенелер көргизбесинде еки жергиликли исбилерменлик субъекти ҳәм Қытай мәмлекетинде болып өткен Кантон экспорт ҳәм импорт көргизбесинде 17 жергиликли исбилерменлик субъектлериниң қатнасыўы тәмийинленди.

Деген менен, усындай ийгиликли жумысларда район (қала)лық ҳәкимликлер де белсене қатнасып, жергиликли исбилерменлик субъектлериниң шет елде болып өтетуғын көргизбе ҳәм ярмаркаларға қатнасыўына жәрдем көрсетип барса, инвестиция кирип келиўине ҳәм экспортлық потенциалымыздың артыўына жәрдемлескен болар еди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.