Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 27-сентябрь күнги «Кексе әўлад ўәкиллериниң жәмийеттеги орнын ҳәм жәмийетлик белсендилигин және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў шеңберинде  республикамызда «Кекселер ҳәптелиги»  илажлары өткерилмекте.

Ҳәптелик шеңберинде 8-октябрь күни И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине нуранийлер саяхаты шөлкемлестирилди. Илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет, кексе әўлад ўәкиллерин социаллық қорғаў, оларға итибар ҳәм ғамхорлықты күшейтиў, жасаў шараятларын жақсылаў, белсене ҳәм мазмунлы  турмыс кешириўин тәмийинлеў болып табылады.

– Министрлер Кеңесиниң қарары менен «Дүнья жүзилик кекселерди қорғаў күни»не байланыслы республикамызда да бир ҳәптелик акция шөлкемлестирилип атыр,-дейди «Нураний» қоры Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Караматдин Қәлендеров.-. Нөкис қалалық «Нураний» ҳәм «Мәҳәлле» қорларының қәўендерлигинде 100 ден аслам нуранийларды пайтахтымыздағы бир қатар орынларға, атап айтқанда, музей, театрларға алып бардық. Акцияны өткериўден мақсет – жасларымызға нуранийларымызды өрнек етип көрсетиў, олар қандай шараятларда, қандай қыйыншылық пенен жумыс ислегенин үлги етип көрсетиў болып табылады. Акция шеңберинде нуранийларды Нөкис районындағы пахта атызларына да алып бардық. Буннан мақсет болса, жасларымызға ақ алтынды сепситпей терип алыўға жәрдем берип атырған кексе ата-апаларын үлги етип, оларды мийнет етиўге ийетермелеў еди. Буннан басқа, ҳәптелик шеңберинде бир қатар спорт жарыслары, кекселеримиз ушын марафонлар шөлкемлестирилди. Президентимизге, нуранийларымыздың атынан айрықша миннетдаршылық билдиргим келеди. Себеби, бурын мийнет дем алысына шыққаннан кейин нуранийлерге итибар берилмей қалатуғын еди. Енди нуранийлардың өмирлик тәжирийбесинен жаслар кең пайдаланыўы ушын пенсиядан кейин де жумыс ислеўге рухсат берилди.

Ҳәптелик усы жылдың 28-сентябрь күни Республикалық Жас тамашагөйлер театрында кексе ҳәм нуранийлар ушын байрам илажы менен басланып, олар Нөкис районлық 3-сектор аймағындағы «Арбашы» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан «Ғәрезсизлик» фермер дийқан хожалығына пахта жыйын-терим жумысларына, сондай-ақ, Нөкис қаласының, Хожели, Тақыятас ҳәм Нөкис районларының нуранийлери Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Аязий» спектаклин тамашалады.

Республикамызда «Кекселер ҳәптелиги»  шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.