Алдын хабар берилгениндей, Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң (ИБШ) Инсан ҳуқықлары бойынша ғәрезсиз турақлы комиссиясы өзиниң жыллық семинарларының алтыншысын 2019-жыл 7-8-октябрь күнлери Ташкент қаласында өткермекте.

Бул халықаралық әнжуман «Тынышлық сүйиўши, демократиялық жәмийетлерди қурыў ҳәм турақлы раўажланыў жолында жаслар ҳуқықларын хошаметлеў ҳәм қорғаўдың әҳмийети» темасында шөлкеместирилмекте.

Пайтахтымызда 6-октябрь күни бул халықаралық семинарға келген ИБШ Инсан ҳуқықлары бойынша ғәрезсиз турақлы комиссиясының Бирлескен Араб Әмирликлери, Габон, Әзербайжан, Пәкстан, Уганда ҳәм Кувейт мәмлекетлеринен сайланған жаңа ағзалардың ант қабыл етиў мәресими болып өтти. Илажды Комиссияның баслығы Акмал Саидов басқарды.

Инсан ҳуқықлары бойынша ғәрезсиз турақлы комиссияның қурамы 18 ағзадан ибарат. Комиссия Режеге муўапық, ИБШ Бас хаткериниң уйымы Комиссия ағзалығына талабанлардың дизимин дүзеди ҳәм ИБШға ағза мәмлекетлер менен муўапықластырады. Онда талабанлардан ҳәр бири инсан ҳуқықлары тараўының анық саласына қәнигелескен ҳәм бул бағдарда тәжирийбе арттырған болыўы есабынан алынады.

Соң талабанлардың дизими ИБШ Сыртқы ислер министрлери кеңесине усынылады. ИБШ Инсан ҳуқықлары бойынша ғәрезсиз турақлы комиссиясының ағзалары усы Кеңес тәрепинен үш жыл мүддетке, бир рет қайта сайланыў имканияты менен сайланады.

Комиссия ағзалығына бир мәмлекеттен еки эксперт бир ўақыттың өзинде сайланыўы мүмкин емес. Талабанларды таңлаў процессинде ИБШға ағза мәмлекетлер өзлериниң ең бийғәрез, қалыс, ҳадал ҳәм тәжирийбели ўәкилин усыныўы талап етиледи.

Сайлаўда ИБШға ағза мәмлекетлер арасында тең географиялық бөлистириў тәмийинленеди. Бул талап Комиссияға араб мәмлекетлеринен 6, Азия континентинен 6 ҳәм Африка континентинен 6 ағза сайланыўы зәрүр екенлигин аңлатады.

Жаңадан сайланған Комиссия ағзаларының 3 жыллық мүддети Комиссияның қурамын тәрк етиўши ағзалардың мүддети жуўмағына жеткенинен кейин өткерилетуғын гезектеги биринши сессиядан баслап басланады. Егер мүддети жуўмақланған ўәкил орнына жаңа ағза сайланбаған болса, әмелдеги ўәкил Комиссияның жаңа ағзасы сайланыўына шекем өз жумысын даўам еттиреди.

ИБШ Инсан ҳуқықлары бойынша ғәрезсиз турақлы комиссиясының Тәртип-қағыйдалары қабыл етилген. Бул ҳүжжеттиң 6-қағыйдасында Комиссия ағзаларының ғәрезсизлигине байланыслы статусы беккемленген.

Бириншиден, Комиссия ағзалары ғәрезсиз экспертлер сыпатында жумыс алып барады. Олар өзлериниң жеке көзқарасларын билдиреди.

Екиншиден, Комиссия ағзалары өз жумысын әмелге асырыўда бәрқулла жоқары профессионаллық, әдиллик, ғәрезсиз, қалыслық, исенимлилик пазыйлетлерин көрсетиўи шәрт. Бул процессте Комиссия ағзалары өзиниң руўхый абырай-итибарын, сыртқы тәсирлерсиз, турақлы арттырып барыўы керек.

Комиссия ағзасы өз ўәкилликлерине кириўден алдын «Ант мәресими» деп жүргизилетуғын салтанатлы илажда төмендеги үлгиде баянат береди:

«Мен өз ўазыйпаларымды жоқары профессионаллық, әдиллик, ғәрезсизлик, қалыслық, исенимлилик пенен, сыртқы тәсирлерсиз орынлаўға салтанатлы ант беремен ҳәм бул жолда Жаратқан Ийем маған мәдаткар болсын».

Ташкент қаласында болып өткен салтанатлы мәресимде ИБШ Инсан ҳуқықлары бойынша ғәрезсиз турақлы комиссиясының жаңа ағзалары Аҳмад Аззам бин Абдурраҳмон, Боушшогоу Мбоин Фарафина, Камади Бийобнабий, елши Аслам Тасним, профессорлар Саййид Муҳаммад Алғуфли ҳәм Айдин Сафиханли ант қабыл етти.

Илажда жаңа ағзаларға Комиссияның структурасы, тарийхы, мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында мағлыўмат берилди.

 

Инсан ҳуқықлары бойынша

Өзбекстан Республикасы

Миллий орайының

Баспасөз хызмети

 

ӨзА