7-8-октябрь күнлери Ташкент қаласында Ислам бирге ислесиў шөлкеми Инсан ҳуқықлары бойынша ғәрезсиз турақлы комиссиясының «Тынышлықты сүйиўши, демократиялық жәмийетлерди қурыў ҳәм турақлы раўажланыў жолында жаслардың ҳуқықларын хошаметлеў ҳәм қорғаўдың әҳмийети» атамасындағы жыллық 6-семинары болып өтти.

Бул абырайлы халықаралық әнжуман Өзбекстан Республикасы ҳүкимети, ИБШ Инсан ҳуқықлары бойынша ғәрезсиз турақлы комиссиясы ҳәм БМШның Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары басқармасының басламасы менен шөлкемлестирилмекте.

Семинарда ИБШның Инсан ҳуқықлары бойынша ғәрезсиз турақлы комиссиясының ағзалары, халықаралық экспертлер, ИБШға ағза ҳәм бақлаўшы статусындағы жәми елиўге шамалас мәмлекет, сондай-ақ, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша миллий мәкемелердиң ўәкиллери қатнасады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында БМШтың Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенциясын ислеп шығыў басламасын алға қойған еди. Бул халықаралық-ҳуқықый ҳүжжетте глобалласыў ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары жеделлик пенен раўажланып атырған бүгинги шараятта жасларға байланыслы сиясатты қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў мәселелери нәзерде тутылады.

Ислам бирге ислесиў  шөлкеми 1969-жылы 25-сентябрьде Марокаштың пайтахты Роботта өткерилген ислам мәмлекетлери басшыларының биринши мәжилисинде шөлкемлестирилген. Дәслеп Ислам конференциясы шөлкеми деп аталған бул үлкен халықаралық ислам шөлкеми 2011-жылдан берли Ислам бирге ислесиў шөлкеми деп аталады. Штаб-квартирасы Саудия Арабстанының Жидда қаласында жайласқан. Бүгинги күнде шөлкемге еки миллиардқа шамалас халқы болған 57 мәмлекет ағза. Өзбекстан 1996-жылдан баслап ИБШның ағзасы есапланады.

2016-жылдың 18-19-октябрь күнлери Ташкент қаласында ИБШ Сыртқы ислер министрлери Кеңесиниң 43-сессиясы болып өтти. Президентимиз Шавкат Мирзиёев «Билимлендириў ҳәм ағартыўшылық – тынышлық ҳәм дөретиўшиликке қарай жол» атамасындағы усы сессияның ашылыў мәресиминде, сондай-ақ, 2017-жыл 10-сентябрьде Астана қаласында (ҳәзирги Нур-Султан) болып өткен ИБШның Илим ҳәм технология бойынша биринши саммитинде шығып сөйледи.

ИБШның тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары ағза мәмлекетлер арасында дослық ҳәм аўызбиршилик қатнасықларын үйлестириў, ислам дүньясында жүзеге келген машқалаларды шешиў, мәмлекетлердиң ишки нызамларына ҳүрмет пенен қараў, инсан ҳуқықларын қорғаў, ағза мәмлекетлердиң экономикалық жақтан раўажланыўына жәрдемлесиў, ислам дини ҳаққындағы түрли исенимсиз ҳәм керексиз мағлыўматларға тыйым салыў, түрли тараўларда мәмлекетлердеги институтлар менен илимий излениўлерди жолға қойыўдан ибарат.

ИБШның Ғәрезсиз турақлы инсан ҳуқықлары комиссиясы ИБШға ағза мәмлекетлердиң Сыртқы ислер министрлери Кеңесиниң 2011-жыл 28-30-июнь күнлери Астана қаласында болып өткен 38-сессиясында қабыл етилген резолюцияға муўапық дүзилген. 2019-жылда Өзбекстан ИБШның усы Комиссиясына басшылық етпекте.

Комиссия ИБШның реже ҳәм декларацияларында, сондай-ақ, инсан ҳуқықлары бағдарында улыўма тән алынған ҳүжжетлерде көрсетилген пуқаралық, сиясий, социаллық ҳәм экономикалық ҳуқықларды ислам қәдириятлары менен муўапық ҳалда беккемлеп барыў менен шуғылланады.

Жыллық 6-семинарда тынышлықты сүйетуғын, демократиялық жәмийетлерди қурыў ҳәм турақлы раўажланыў жолында жаслардың ҳуқықларын хошаметлеў және қорғаўдың әҳмийети додаланды. Әнжуман жумысы шеңберинде БМШтың Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенциясының жойбарын қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.

ИБШ Инсан ҳуқықлары бойынша ғәрезсиз турақлы комиссиясының жыллық семинарының қатнасыўшылары жаслардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм хошаметлеў бойынша бар халықаралық ҳәм регионаллық механизмлерин таллайды.

Әнжуманда, сондай-ақ, жасларды өз елиниң турақлы раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўға хошаметлеў ушын мәмлекетлик раўажланыў стратегиясында нәўқыран әўлад ҳуқықларын тәмийинлеўдиң есапқа алыныўы бағдарындағы алдыңғы тәжирийбелер тийкарында әмелий усыныслар ислеп шығылады. ИБШға ағза мәмлекетлердиң жаслары өз ҳуқықларынан толық пайдаланыўында ушырасып атырған машқалаларға итибар қаратылды. Семинар қатнасыўшылары өз еллериниң жасларына байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳәм ҳәрекеттеги бағдарламалардың анализи бойынша жуўмақларын усынады.

Әнжуман жуўмағында қабыл етилиўи күтилип атырған ҳүжжетте жаслардың ҳуқықларын толық жүзеге шығарыў арқалы өз мәмлекетиниң раўажланыўы процессинде тиккелей қатнасын кеңейтиўге қаратылған жаслар сиясатын ислеп шығыў бойынша усыныслар билдирилди. Жыллық 6-cеминардың бул жуўмақлаўшы ҳүжжети ИБШ Сыртқы ислер министрлери Кеңесиниң гезектеги сессиясына усынылыўы белгиленген.

 

ӨзА