Республикалық «Камалак юлдузлари» балалар дөретиўшилик фестивалының Нөкис қалалық басқышында 6  жастан 14 жасқа шекемги 800 ден аслам бала өзлериниң мийнетлери менен қатнасып, қәбилетлерин көрсеткен болса, соннан тек 29 ы Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Қалалық басқышта қатнасыўшылар классикалық музыка, вокаль, халық саз әсбапларын шертиў, аяқ ойыны, көркем сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер, поэзия ҳәм проза бағдарлары бойынша беллести.

Республикалық басқыш усы жыл 25-ноябрьде Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби менен «Прогресс» билимлендириў ҳәм раўажландырыў орайында болып өтиўи режелестирилмекте. Республикалық басқыш жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими Бердақ атындағы   Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында болып өтеди.

 

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.