Пайтахтымыздағы Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық комплексинде Японияның «Сока-Гаккай» шөлкеминиң вице-президенти Кендзи Йосиго басшылығындағы делегация ағзалары менен руўхый-ағартыўшылық ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў алдынан Япония делегациясы ағзалары Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың естелигине гүл қойды, ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшысы ҳәм уллы мәмлекетлик ғайраткердиң жарқын естелигине ҳүрмет көрсетти.

Ушырасыўда мийманларға елимизде Ислам Кәримовтың өмири, көп қырлы жумысы ҳәм мийрасын үйрениў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, атап айтқанда, Илимий-ағртыўшылық естелик комплексиниң бул бағдардағы ўазыйпалары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өз гезегинде, мийманлар Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың, әсиресе, Өзбекистан билимлендириў системасында әмелге асырылған түпкиликли реформалар, жас әўладтың ҳеш кимнен кем болмаған шараятларда өнип-өсиўи ушын заманагөй шараят ҳәм имканиятлар жаратыў бағдарындағы жумысларға тиккелей басшылық еткенин айрықша атап өтти.

Экономика, илим ҳәм билимлендириўдиң раўажланыўына қосқан үлкен үлеси ушын Ислам Кәримов шет еллердиң бир қатар университетлериниң, соның ишинде, 2002-жылы Сока университетиниң ҳүрметли докторы етип сайланған.

Сока университети Япониядағы абыройлы билимлендириў орынларынан бири. Университеттиң орайлық қыябанында Әлишер Наўайының естелиги орнатылған. Өзбек классикалық әдебиятының уллы ўәкилиниң туўылған күни қарсаңында естеликтиң әтирапы гүллер менен толып кетеди. Бүгин Әлишер Наўайының бай мийрасын япон студентлери де үлкен қызығыўшылық пенен үйренбекте.

– Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексинде болғанымыз сапар даўамындағы ең есте қаларлық ўақыя болды, – дейди Японияның «Сока Гаккай» шөлкеминиң вице-президенти Кендзи Йосиго. – Өзиниң елин бийғәрез ҳәм демократиялық мәмлекетке айландырған, билимлендириў, илим ҳәм мәдениятты раўажландырыўда бийбаҳа жумысларды әмелге асырған бундай инсанды еслеў биз ушын мақтаныш.

Илажға Өзбекистан Республикасының Биринши Президентиниң зайыбы Т.Кәримова, Илимий-ағартыўшылық естелик комплексиниң басшысы Т.Ширинов, Ислам Кәримов атындағы Республикалық қайырқомлық жәмийетлик қорының ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзА ның хабаршысы