«Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилгенине үш жыл болды. Усы мүнәсибет пенен жақында Наўайы Мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалында илаж өткерилди.

Онда шығып сөйлегенлер мәмлекетимиз халқының 60 проценттен асламын қурайтуғын жаслар ҳәм жас өспиримлердиң нызамлы мәплерин, денсаўлығын қорғаў, билим алыўы ҳәм тәрбиясы,  олар арасындағы қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы менен шуғылланатуғын жуўапкер уйымлар менен биргеликте әмелге асырылған илажларға тоқтап өтти.

Илажда бул Нызамның қабыл етилгени елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты избе-из ҳәм нәтийжели әмелге асырыўға, олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын түп-тийкарынан реформалаўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.