Тилекке қарсы, ҳәр жылы алып барылып атырған профилактикалық илажларға қарамастан гүз ҳәм қыс мәўсимлеринде, браконьерлер, нызамсыз түрде тоғай өсимликлерин қопарып яки шаўып алыўшылар тәрепинен тәбиятқа көплеп зыян келтирилетуғынлығының гүўасы боламыз.

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң Шоманай районлық инспекциясына телефон арқалы келген мағлыўмат бойынша тийисли уйымлар менен биргеликте  гезектеги илаж өткерилди. Илаж ўақтында, Шоманай районы «Мамый» АПЖ аймағындағы М.Асанов фермер хожалығы атызларында пуқара С.Т. МТЗ тракторы жәрдеминде нызамсыз түрде боян өсимликлерин қопарып, тамырын жыйнап Қанлыкөл районына алып баратырғаны анықланған.

Комитет тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, бул пуқарадан 1600 килограмм боян тамыры айғақлы зат ретинде алып қойылған. Ол сол жердиң өзинде айыбын толық мойынлап, тәбиятқа келтирген зыянын толық қаплаўға ўәде берген.

– Өзбекстан Республикасының «Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамының 36-статьясын қопал түрде бузғаны ушын оның қарсысына топланған материаллар, тийисли тәртипте шешимин тапты,-дейди комитеттиң Шоманай районлық инспекциясының  инспекторы Камал Бердиев.

Оның тәбиятқа келтирген зыяны Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 20-октябрьдеги «Биологиялық ресурслардан пайдаланыўды тәртипке салыў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўында рухсат бериў процедурасынан өтиў тәртиби ҳаққында»ғы қарарының 1-бөлими 17-қосымшасына муўапық, 3 миллион 568 мың сум, деп есапланды ҳәм топланған материаллар тийисли тәртипте көрип шығылыўы ушын Шоманай районлық Ҳәкимшилик ислери бойынша судына өткерилди.

Усы бағдардағы рейд-қадағалаў илажлары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.