Қазақстан Республикасы «Қубла» Регионаллық сәркардалығының сәркардасы генерал-майор Қайдар Қарақулов басшылығындағы әскерий делегация рәсмий сапар менен келди. Бул ҳаққында Арқа-батыс әскерий округиниң баспасөз хызмети хабар берди.

27-сентябрь күни Нөкис гарнизонының Руўхый-ағартыўшылық орайында Өзбекстан Қорғаныў министрлиги Арқа-батыс округи әрмиясының сәркардасы полковник Дилшод Чориев Қазақстанның әскерий делегациясын қабыллады. Сөйлесиў даўамында қорғаныў тараўындағы бирге ислесиў перспективалары додаланып, әскерий бағдардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша пикир алысылды. Соның ишинде Өзбекстан келешекте Қазақстан менен бирге әскерий шынығыўларды өткериў, әскерий қәнигелериниң қатнасыўында тренинглер ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў усынысын билдирди.

 

Сондай-ақ, мийманлар әскерий округтиң функциялары ҳәм ўазыйпалары, Қорғаныў министрлиги ушын әскерий хызметкерлерди таярлаў системасы және округ әскерий хызметкерлериниң республика ҳәм халықаралық әскерий беллесиўлердеги табыслары менен таныстырылды.

Сапар даўамында делегация ағзаларына мини-полигондағы әмелий шынығыўлар, хызмет атларын үйретиў бойынша көнликпелери көрсетилди.  «Қубла» Регионаллық сәркардалығының сәркардасы тәрепинен нәсилли атларға қызығыўшылық билдирилгенин айрықша атап өтиў керек. Сондай-ақ, Әскерий бөлимлердиң инфраструктурасы және оқыў-материаллық базасы делегация ағзаларының дыққат итибарында болды.

Ушырасыўдан соң делегация ағзаларына И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейине және Хийўа қаласындағы тарийхый естеликлерге саяхат шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги