Нөкисте Өзбекистан Дин ислери бойынша комитети, елимиздеги Ислам цивилизациясы орайы, Өзбекистан мусылманлар мәкемеси ҳәм республикалық руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы басшы хызметкерлериниң қатнасыўында үгит-нәсият илажы болып өтти. Оған тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары, диний шөлкемлердиң ўәкиллери, мешитлердиң имам қәтиблери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Әлеўов басқарып барды.

Илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет республикамыздағы имам қәтиблер менен руўхый ағартыўшыларға елимизде диний-ағартыўшылық тараўда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, атап айтқанда, шет ел уламалары ҳәм дин ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген халықаралық конференциялардың мазмун-мәнисин жеткериў, жасларды миллий  салт-дәстүрлеримизге ҳәм қәдириятларымызға жат болған зыянлы тәсирлерден қорғаўға қаратылған илажлардың нәтийжелилигин және де арттырыўдан ибарат.

Илажда Өзбекистан Дин ислери бойынша комитетиниң бөлим баслығы З.Султанов, Өзбекистан мусылманлар мәкемеси баслығының орынбасары И.Иномов, Қарақалпақстан Республикасы Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы Қ.Юсупов шығып сөйлеп, Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Бирлескен Миллетлер Шөлекеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясы ҳәм Ислам Бирге ислесиў шөлкеминиң илим ҳәм технологиялар бойынша биринши саммитинде сөйлеген сөзиниң мазмун-мәниси, усы жылдың 18-октябрь күни Ташкент қаласында өткерилген «Ислам шериклиги: Өзбекистан-Әзербайжан мысалында» темасындағы халықаралық конференция қатнасыўшыларының елимизде ҳүким сүрип турған диний кеңпейиллик ҳаққында билдирген пикир-усыныслары, имам қәтиблердиң социаллық-руўхый орталықты және де саламатластырыў, муқәддес динимиздиң сап тазалығын қорғаўда тутқан орны ҳәм ўазыйпалары, сондай-ақ, жасларды физикалық саламат, руўхый кәмил инсанлар етип тәрбиялаў, олардың сана-сезими ҳәм дүньяға көзқарасын «ғалабалық мәденият» киби унамсыз тәсирлерден қорғаўдың әҳмийетли бағдарлары ҳаққында кең түрде түсиник берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги