Өзбекстан Республикасы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 17-сентябрь күни санаатты жедел раўажландырыў, локализациялаў дәрежесин арттырыў ҳәм көлемин кеңейтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәмлекетимизде жедел инвестициялық сиясат жүргизилип атырғаны, сыртқы саўда ҳәм валюта операцияларының еркинлестирилгени нәтийжесинде саламат бәсеки орталығы, шын мәнисинде базар экономикасы қәлиплеспекте.

Мәжилисте Өзбекстанның санаатын заман талаплары тийкарында раўажландырыў, өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм түрин кеңейтиў мәселелери додаланды.

-Экспортқа жарамлы ҳәм импорттың орнын басатуғын өнимлерди ислеп шығарыўға, жоқары қосымша қунды жаратыўға бағдарланған санаат сиясатын жүргизиўимиз керек. Бар шийки зат ҳәм имканиятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда, локализациялаў дәрежесин тереңлестириў ҳәм көлемин кескин кеңейтиў усы санаат сиясатының тийкары болыўы керек,-деди мәмлекетимиз  басшысы.

Президенттиң усы жыл 24-авгуттағы қарарында өндиристи локализациялаў ҳәм санаат тармақларында кооперациялық байланысларды жеделлестириўдиң жаңа системасын енгизиў белгиленген еди. Мәжилисте бул системаның нәтийжели ислеўин  жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди. Локализациялаўды кеңейтиўге қаратылған ең әҳмийетли бағдарлар көрсетип өтилди.

Тармақлар ҳәм ири кәрханаларда өндиристи локализациялаў және санаат кооперациясын кеңейтиў мәселеси додаланып, усы жылдың өткен дәўиринде жаңа жойбарлар шеңберинде тек ғана 1 миллиард долларлық локализацияланған өнимниң ислеп шығарылғаны қанаатландырарсыз деп баҳаланды. Бул бағдардағы жумыслар төмен дәрежеде шөлкемлестирилген «Ўзмахсусмонтажқурилиш» акционерлик компаниясы, «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» акционерлик жәмийети сыяқлы кәрханалардың жумысы сынға алынды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 1-майдағы «Санаат кооперациясын буннан былай да раўажландырыў ҳәм талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыўды кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген таяр өнимлер, комплектлеўши буйымлар, шийки зат ҳәм материаллардың жаңа түрлерин өзлестириў бойынша алып барылып атырған жумыслар талланды.

Министрлер Кабинети, Экономика ҳәм санаат министрлигине санаат кооперациясын раўажландырыў бойынша әмелий илажларды көриў, электрон кооперация порталын тезлик пенен иске түсириў, санаат өнимлерин жеткерип бериў шәртнамаларын электрон дүзиў көлемин кеңейтиў ўазыйпасы қойылды.

Аймақларда өндиристи локализацяилаўды кескин кеңейтиў ҳәм тереңлестириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Быйыл аймақлық импорттың өсиўи тармақлардағыға салыстырғанда 2 есеге жоқары болыўы күтилмекте. Бул аймақларда өндиристи кескин көбейтиў ушын үлкен талап бар екенлигин анық көрсетеди. Мәселен, жақында тараў ўәкиллеринен ибарат жумысшы топарлар төрт қалаға барып, Ангренде 38, Наўайыда 13, Наманганда 29 ҳәм Шыршықта 18 жаңа локализацяилаў жойбарларын қәлиплестирди.

Усы тәртипте ҳәр бир аймақ бойынша локализациялаў бағдарламаларын ислеп шығыў керек екенлиги атап өтилди.

Жер майданлары, таяр имаратлар ҳәм инфраструктураға ийе болған киши санаат зоналары бул бағдарда үлкен имканият жаратады. Бирақ елимиздеги 156, әне, сондай зонадағы жойбарлардың тек ғана 13 проценти локализацияланған өним ислеп шығарыўға қаратылған. 80 қала ҳәм районда  бул түрдеги бирде-бир аймақ шөлкемлестирилмеген.

Жуўапкерлерге барлық киши санаат зоналарында импорттың орнын басатуғын өним ислеп шығарыў жойбарларын көбейтиў, сол 80 қала ҳәм районда усындай зоналарды шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Импортқа шығарылып атырған технологиялық үскенелерден нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди. Өйткени, орынларда сырттан валютаға алып келинген технологиялардың ислетилмей турған көплеген жағдайлары анықланған. Оған жер ажыратыў, қурылысқа рухсат бериў, коммуникация тармақларына жалғаныў сыяқлы мәселелер тосқынлық еткен.

Мәмлекетимиз басшысы үскенелерди сатып алған исбилерменлердиң машқалаларын тезлик пенен шешиў, режелестирилген кәрханалардың ислеп кетиўине жәрдемлесиў бойынша қатаң тапсырмалар берилди. Бизнес-омбудсманға импортқа шығарылған технологиялық үскенелерди иске қосыўға шекемги болған барлық процессти район, қала, ўәлаят ҳәм республика дәрежесинде муўапықластырыў усыныс етилди.

Өндиристи локализациялаўда жетекши болған үлкен жойбарларды өз мүддетинде әмелге асырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, «Наўайыазот» тийкарында 100 мың тонна поливинилхлорид, Ташкент металлургия заводында 500 мың тонна металл прокаты, Шортан газ-химия комплексинде 744 мың тонна дизель жанылғысы, Ташкент механика заводында турмыслық техника ислеп шығарыў кластери, «Кварц», «Сырдәрья Гласс» ҳәм «Зарафшан айна» кәрханаларында айна ислеп шығарыў жойбарлары жылына 2,5 миллиард доллар муғдарында локализацияланған өнимди ислеп шығарыў имканиятын береди. Буннан тысқары, олардың әтирапында басқа да киши ислеп шығарыўлар да раўажланады ҳәм жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Бас министр ҳәм Есап палатасының баслығына усы үлкен жойбарларды өз ўақтында иске қосыўды тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Локализациялаўды қоллап-қуўатлаў мәселеси көрип шығылып, бундай жойбарларды әмелге асырыўда Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен кепиллик бериў ҳәм кредит процент ставкасын белгили дәрежеде қаплаў системасынан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, бажыхана төлемлерин 120 күнге шекем созып төлеў, өндиристи локализациялаған кәрханалардың таяр өнимлерин сертификатлаў ҳәм стандартластырыў мәселелеринде жәрдем бериў имканияты бар екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетлик сатып алыўларда жергиликли кәрханалардың қатнасын кеңейтиў ҳәм хошаметлеў, сыртқы саўданы тариф усылы менен басқарыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша да әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.

Видеоселектр мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша тармақлар ҳәм аймақлар басшыларының есабы тыңланды.

 

ӨзА