Қубла Корея Республикасының «Friends» коммерциялық емес шөлкеми 2009-жылдан берли республикамызға келип, халықты медициналық тексериўден өткерип, зәрүр жағдайларда операция ислеп, өзлериниң қалыс әмелий жәрдемин көрсетип келмекте.

Быйыл 12-сентябрь күни усы шөлкем қәнигелери, өзлери менен бирге ислесиўши «Kunkuk» университети ҳәм басқа да клиникалардың бет-жақ хирурглары, стоматолог шыпакерлери ҳәм басқа да, жәми 46 қәнигеден ибарат топар менен республикамызға келди.

Олар 18-сентябрьге шекем республикамызда болып, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма билим бериў мектеплеринде, Республикалық көп тармақлы балалар медициналық орайында балаларды ҳәм оқыўшыларды медициналық тексериўден өткерип, зәрүр жағдайда операция өткериўди режелестирмекте.

Дәслепки күни олар өз жумысын Нөкис қаласындағы 23-санлы улыўма билим бериў мектебинде баслады. Усы жерде олар оқыўшыларды медициналық тексериўден өткерип, қызықлы сахналық көринислер арқалы саламат турмыс тәризи, әсиресе, аўыз бослығы менен тислерди ҳәр қыйлы кеселликлерге ушыраўдан қалай сақлаўға болатуғынлығы туўралы түсиниклер берди.

– Бизлер арнаўлы топарымыз бенен ҳәр жылы Қарақалпақстанға келемиз. Бурынлары тек Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен ислескен болсақ, усы жылғы келиўимизде Халық билимлендириў министрлиги де бирге ислеспекте. Бул бизди қуўантпақта. Балалар арасында, еки күн даўамында тиккелей олар менен ушырасып, түсиник жумысларын алып бармақтамыз,-дейди «Friends» коммерциялық емес шөлкеминиң баслығы доктор Ким Мёнг Джин. – Балалар ушын тис шёткасы, пастасы сыяқлы гигиеналық тазалықты сақлаўға арналған затларды тарқатып атырмыз.

Топар ағзалары тәрепинен 14-сентябрь күни Нөкис қаласындағы Прогресс оқыў орайында «Саламат аўыз бослығы күни» фестивалын өткериў, Республикалық көп тармақлы балалар медициналық орайында балаларды медициналық тексериўден өткериў, бет-жақ хирурглары операциялар ислеўди  режелестирмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.