“Қарақалпақгидромет” орайының хабар етиўинше, 24-27-ноябрь күнлери аралығында республикада ҳаўа алағат бултласып, 24-ноябрь күни айырым районларда жаўын жаўыўы күтиледи.25-26-ноябрьде жаўын, айырым районларда жаўынның изи қарға айланыў итималы жоқары. Самалдыӊ бағыты шығыстан батысқа өзгерип,  тезлиги 7-12  м/с, 25-26-ноябрьде айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейеди.

Ҳаўанын температурасы 24-ноябрьде түнде 3+8 градус жыллы, күндиз 7+12 градус жыллы болады, 25-27-ноябрьде түнде 3-8 градусқа, кундиз -2+3 градусқа шекем төменлейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги