Ассалаўма әлейкум, қәдирли ўатанласлар!

Ҳүрметли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Мине усы қуўанышлы байрамда сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды Ғәрезсизлик байрамы менен шын кеўлимнен қутлықлаўға рухсат еткейсиз.

Буннан 28 жыл бурын Биринши Президентимиз, ҳүрметли Ислам Абдуғаниевич Кәримов халқымыз ҳәм дүнья жәмийетшилигине Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигин жәриялады.

Өткен қысқа дәўирде жанажан Өзбекстанымыз машақатлы, соның менен бирге даңқлы ғәрезсизлик жолын басып өтти.

Бүгин бир ҳақықыйқатты үлкен мақтаныш пенен айтыўға  толық тийкарымыз бар: мәрт ҳәм жигерли халқымыз қаншелли қыйын ҳәм аўыр сынақларға дуўшар болмасын, өзиниң беккем ерк-ықрарын көрсетип, өзи таңлап алған ғәрезсизлик жолына бәрқулла садық болып келмекте.

Бүгин Өзбекстан өз раўажланыўының жаңа басқышына исенимли қәдем қоймақта. Мәмлекетимизди модернизациялаў, инсан ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин, нызам үстинлигин тәмийинлеў тийкарында Өзбекстанның жаңа, демкоратиялық келбети жаратылмақта. Бул бағдарда Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» деген әҳмийетли идея биз ушын қолланба болып хызмет етпекте.

Миллий раўажланыў дегенде, биз мәмлекетимиздиң раўажланыўын, халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм турмыс сапасын ҳәр тәреплеме жоқары басқышқа  көтериўди түсинемиз.

Мәмлекетимиз, ел-журтымыздың потенциалы ҳәм күш-қүдиретине сүйенип, тәбийғый байлықларымыздан ақылға уғрас пайдаланып, биз өз алдымызға қойған әне сондай мақсетлерге қарай избе-из қәдем қоймақтамыз.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Биз бүгин қандай реформаларды, қандай өзгерислерди, қандай         жаңа жойбарларды әмелге асырып атырған болмайық, олардың барлығы бирден-бир, уллы бир мақсетке қаратылған. Ол да болса, мине усы мийнеткеш, пидайы, уллы халқымызды разы етип, турмыстың барлық сынақларын күш-жигери менен жеңип жасап атырған ўатанласларымыздың исенимин ақлаў, аўырын жеңил етиўден ибарат.

Бирақ ҳәммемиз жақсы түсинемиз, бундай уллы мақсетлерге өз-өзинен, қурғақ ҳәм бәлент пәрўаз сөзлер менен ерисип болмайды. Бундай шеклерге тек ғана тынымсыз,  аўыр ҳәм пидәкерлик мийнет пенен ерисиледи.

Усы мақсетте соңғы жылларда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўды, суд-ҳуқық системасын жетилистириў, мәмлекетимиздиң қорғаныў қүдиретин беккемлеў, ҳақыйқый базар экономикасына өтиў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Жеке меншик мүлк ҳәм исбилерменлик ушын кең шараятлар ҳәм имканиятлар жаратып берилмекте. Макроэкономикалық турақлылық тәмийинленбекте.

Аўыл хожалығында түпкиликли реформалар алып барылмақта. Быйылғы тәбияттың қыйыншылықларына қарамастан мийнеткеш фермер ҳәм дийқанларымыз мәртлик пенен мийнет етип, көплеген тараўларда мол өним жетистирди.

Пурсаттан пайдаланып, барлық дийқан ҳәм фермерлерди, атыз мийнеткешлерин халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў жолында ерисип атырған үлкен табыслары менен шын жүректен қутлықлаўды өз миннетим, деп билемен.

Әзиз дослар!

Елимизде социаллық раўажланыў бойынша өзине тән система қәлиплеспекте. Бул  бағдарда «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле». «Жаслар – келешегимиз», «Бес унамлы баслама» сыяқлы бағдарламаларымыз халықты жаңаша пикирлеў ҳәм ислеўге мобилизациялаўда әҳмийетли роль атқармақта. Соның нәтийжесинде жүзлеген районлар, қала ҳәм аўыллардың архитектуралық көриниси пүткиллей жаңаланбақта.

Илим, тәлим- тәрбия, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спорт тараўларында болып атырған үлдкен өзгерислер де сизлерге жақсы белгили.

Биз улыўма билим бериў мектеплеринде 11 жыллық системаны тикледик. Мектеп билимлендириўин раўажландырыў мәселеси уллы улыўмамиллий мақсетке, улыўмахалықлық ҳәрекетке айланбақта.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде жоқары билимлендириў тараўы да жеделлик пенен раўажланбақта. Тек ғана кейинги үш жылда 35 жаңа жоқары билимлендириў мәкемеси шөлкемлестирилди ҳәм олардың улыўма саны 112 ге жетти. Олардың 13 и абырайлы сырт ел университетлериниң филиаллары екенин айрықша атап өтиў керек.

Денсаўлықты сақлаў тараўының материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлардың потенциалын беккемлеў бәрқулла итибарымыздың орайында болып келмекте. Елимизде көплеген жаңа емлеўханалар, медициналық орайлар, шаңарақлық ҳәм жеке меншик клиникалардың жумысы жолға қойылмақта.

Кейинги жылларда кем тәмийинленген, майыплығы болған инсанлар, жаслар, ҳаял-қызлар, кексе әўлад ўәкиллерин социаллық қорғаў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарына айланды.  Бул бағдарда Медициналық-социаллық хызметлер агентлиги, Майыплығы болған инсанларды қоллап-қуўатлаў фондының шөлкемлестирилгенин атап өтиў керек.

Халық, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў биз ушын ең әҳмийетли ўазыйпа болып келмекте. Бизиң барлық экономикалық ҳәм социаллық бағдарламаларымыз, ири инвестициялық жойбарларымыз, хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыўға қаратылған илажларымыздың орайында әне усы әҳмийетли мәселе тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпа болып тур.

Узақ ўақыт даўамында әҳмийетли машқала болып келген халықты турақ жай менен тәмийинлеў бойынша да елимизде жаңа дәўир басланды, десек. қәте болмайды.

Мәмлекетимиздиң мәдений турмысында да үлкен өзгерислер жүз бермекте. Биринши мәрте Шаҳрисабз қаласында халықаралық мақам көркем өнер әнжуманы, Термиз қаласында халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы үлкен табыслар менен өткерилди. Күни кеше Самарқанд қаласында жоқары дәрежеде ҳәм көтериңки руўх пенен өткеилген «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы бийбаҳа классикалық көркем өнеримизди және бир мәрте дүньяға көрсетти. Сентябрь айында болса Қоқанд қаласында биринши мәрте Халықаралық өнерментшилик фестивалын өткеремиз.  

Биз мәнаўият ҳәм ағартыўшылық жумысларын ўатансүйиўшилик иси, ҳүждан иси, деп билемиз.  Ҳүжданы, мәниўияты бар инсан ўатанды әлбетте жақсы көреди. Ҳүждан, мәнаўият дегенимиз – халыққа, Ўатанға шын жүректен хызмет етиў деген сөз.

Мине усындай көз қарастың пүткил халқымыз, әсиресе, жасларымыз тәрепинен кең ҳәм қызғын қоллап-қуўатланып атырғаны мәнаўий тәрбияның қаншелли әҳмийетке ийе екенлигин көрсетеди.

Әзиз дослар!

Өзбекстан инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бойынша еркин сиясатты исенимли даўам еттирмекте ҳәм бул сиясат халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынбақта.

Мәмлекетимизде судланғанларды әпиў етиў институты енгизилди. Кейинги үш жылда жети мәрте кеширим жәрияланды. Нәтийжеде қылмысынан шын жүректен пушайман болып, дүзелиў жолына исенимли өткен 4 мыңға шамалас судланғанлар жазаны өтеў орынларынан азат етилди.

Күни кеше әпиў етиў ҳаққындағы және бир пәрманға қол қойдым. Оған бола жаза мүддетин өтеп атырған 65 пуқара әпиў етилди.

Көз алдыңызға келтириң, өз үйине, жақынларының қушағына қайтып атырған бул инсанлардың, олардың ата-анасы, перзентлериниң қуўанышын, шадлығын «көк экран» арқалы көрген адам, бул шынында да ийгиликли және саўаплы ис екенине және бир рет исеним пайда етеди.

Ғәрезсизлик байрамы алдында Қарақалпақстан Республикасы Жаслық қорғанындағы жазаны орынлаў колониясының жабылғаны инсаныйлық сиясаттың және бир көриниси болды.

Бул тарийхый қәдем мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў ўақтыншалық кампания емес, ал мәмлекетлик сиясат дәрежесиндеги үзликсиз процесс екенин көрсетеди.

Бүгинги күнде Өзбекстан өз пуқараларының ҳуқықлары менен мәплерин, олар қай жерде болыўына қарамастан, қорғаўға уқыплы мәмлекет сыпатында өзин көрсетпекте.

Шет еллерде ислеп ҳәм билим алып атырған ўатанласларымыз бенен байланыслар беккемленип, олардың ҳуқықлары ҳәм мәплери тәмийинленбекте. Өзбекстанға қайтып, жумыс ислеў ямаса оқыўды даўам еттириў тилегинде болған пуқараларымыз ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта.

Быйыл 156 ўатанласымыз-тийкарынан ҳаял-қызлар ҳәм балалар урыс ҳәрекетлери даўам етип атырған Сириядан қайтарып алып келинди ҳәм олардың пуқаралық ҳуқықлары тикленди.

Әлбетте, кеширимли, мийрим-шәпәәтли болыў халыққа да, Қудайға да мақул болады. Мине усындай жақсы пазыйлетлер бизиң кеңпейил халқымызды және де улығлайды.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан сыртқы сиясат тараўында да жедел және нәтийжели жумыс алып бармақта. Узақ ҳәм жақындағы барлық мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер менен байланысларымыз барған сайын кеңейип, раўажланбақта.

Бәринен бурын, Орайлық Азия мәмлекетлери менен жақсы қоңсышылық қатнасықлары орнатылып, өз-ара пайдалы байланыслар жолға қойылмақта. Мыңлаған әпиўайы адамлардың шегаралардан биймәлел өтиўи, регионымыз бойлап еркин ҳәрекет етиўи, туўған-туўысқанларына барып-келиўи ушын барлық шараят жаратылды.

Өзбекстан регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыўда, Аўғанстанда тынышлық орнатыўға қаратылған сөйлесиўлерде белсене қатнаспақта.

Булардың барлығы мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырай-мәртебесин арттырыўда, елимиздиң досларын ҳәм бирге ислесиўшилерин көбейтиўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Пурсаттан пайдаланып, мәмлекетимиздеги демократиялық реформаларды қоллап-қуўатлап, қайырқом болып киятырған, бүгинги салтанатта қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерине, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине, сырт елли шериклеримизге миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Турмысымызда тынышлық-татыўлық ҳәм динлер арасында дослық және аўызбиршилик беккемленбекте. Бизлер буны барлық реформаларымыздың кепили, ең әҳмийетли жемиси, деп билемиз.

Бүгинги күнде әмелге асырылып атырған реформаларымыз, халық пенен пикирлесиў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени себепли жәмийетимизде ашық-айдынлық ҳәм еркинлик орталығы барған сайын күшеймекте.

Адамлар баслама көрсетип, тек ғана өзлериниң жеке машқаласы емес, ал көпшиликтиң дәрти ҳәм тәшиўишлерин шешиў ушын мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиўге үйренбекте.

Билесизлер, мен мәмлекетимиз бойлап оғада көп сапарларда боламан. Орынларда, алыс район ҳәм аўылларда болып, жаңадан жаңа экономикалық-социаллық жойбарларды енгизиўге, адамлар не менен жасап атыр, олардын аўҳалы, кейпияты қандай екенин жақыннан билиўге, оларды қыйнап атырған машқалаларды шешиў ушын жәрдем бериўге умтыламан.

Мине усындай ашық-айдын, шын жүректен сөйлесиўлер тийкарында бүгин халқымыз бенен көплеген қурамалы, әҳмийетли мәселелерди биргеликте шешпектемиз. Бул болса адамларымыздың кеўлинде келешекке исеним оятып, оларды жаңа, үлкен шеклерге қарай руўхландырмақта. Ҳеш қандай гүмансыз айта аламан, бул – бизлердиң ең үлкен жетискенлигимиз болып есапланады. Усы уллы байрамда ҳәр қандай аўыр сынақ ҳәм қыйыншылықларда да Ўатанымыз ғәрезсизлигин қәстерлеп сақлаў, оның турақлы раўажланыўын тәмийинлеп атырған мәрт ҳәм кеңпейил халқымызға ҳадал ҳәм пидайы мийнети, ғәрезсизлик идеяларына садықлығы ушын терең тәжим етемен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Әлбетте, өмир бар екен, оның өткир талаплары, машқалалары болған ҳәм буннан кейин де болады. Бирақ ҳәр қандай машқаланы ақылға уғрас шешиў ушын, бәринен бурын, бирлик, аўызбиршилик зәрүр.

Ҳәммемизге, әсиресе, басшы ҳәм жетекшилерге терең билим, ақыл, сабыр тақат керек. Соның ушын «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық» деген пикирде үлкен мәнис бар. Бул идея тек ғана диний тәрбияға байланыслы жумысларда емес, ал турмысымыздың барлық тараўларында шешиўши әҳмийетке ийе.

Ҳәр бир мәселени ағартыўшылық тийкарында терең ойлап, халыққа ҳүрмет пенен, қайта-қайта айтаман, адамлардың пикирин есапқа алып, тек ғана нызам ҳәм әдиллик нормаларына сүйенген ҳалда шешсек, елимиз бизлерден әлбетте разы болады.

Бүгин заман өзгерди. Енди ҳәммемиз еркинлик, ашық-айдынлық   шараятында жумыс ислеўге үйрениўимиз керек. Барлық раўажланған мәмлекетлер дүнья жәмийетшилиги усындай жасамақта.

Дәўирдиң, турмыстың кескин талапларынан артта қалмаў ушын ҳәммемиз ҳәр күни оқып-үйрениўимиз, өз үстимизде ислеўимиз, билим ҳәм санамызды турақлы арттырып барыўымыз керек.

Бизлердиң тамырларамызда уллы ата-бабаларымыздың қаны ағып атыр. Уллы бабаларымыздың мүнәсип избасарлары ҳәм даўамшылары болыў бизлер ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз, десем, ойлайман, ҳәммеңиз бул пикирге қосыласыз.

Өз Ўатанын, ана халқын раўажландырыў ушын өзин аямай мийнет етиў: бул – мәртлик, бул – ана жерге муҳаббат ҳәм садықлық, бул –  дурыс тәрбия ҳәм әмелий үлги болып есапанады.

Усы күнлерде пидәкерлик мийнети менен мәмлекетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып, ҳәммеге үлги болып атырған ўатанласларымызға орайда ҳәм орынларда мәмлекетимиздиң жоқары атақлары, орден ҳәм медаллары салтанатлы түрде тапсырылмақта.

Елимизге садықлық пенен хызмет етип, халқымыз арасында үлкен абырай-мәртебеге ийе болған мине усындай ўатанласларымызды өзимниң атымнан, сизлердиң атыңыздан қызғын қутлықлап, жақсы тилеклеримди билдириўге рухсат еткейсиз.

Әзиз дослар!

Бүгин бир пикирди исеним менен атап өтиўди зәрүр, деп билемен: Өзбекстандағы демократиялық процесслер енди артқа қайтпайтуғын, турақлы түс алды.

Бизлер мине усындай жақты күнлер ушын гүресип, жанын пидә еткен ата-бабаларымыздың ҳүрмети, 33 миллионлық халқымыздың ҳүрмети, бизлерге үмит ҳәм исеним көзи менен нәзер салып турған балаларымыз, ақлықларымыздың ҳүрмети – ғәрезсизлик жолынан ҳеш қанаш қайтпаймыз!

Өз мақсетлеримизге әлбетте жетемиз – келешеги уллы Өзбекстанды ҳәммемиз биргеликте қурамыз!

Қәдирли ўатанласлар!

Ҳәммемизге белгили, алдымызда үлкен сиясий ўақыя турыпты. Быйыл декабрь айында мәмлекетимиз парламенти ҳәм жергиликли кеңеслерге сайлаўлар болып өтеди.

Бул сайлаўлар миллий ғәрезсизлигимизди және де беккемлеў, Өзбекстанды дүньядағы раўажланған, демократиялық мәмлекетлер қатарына көтериўде және бир әҳмийетли әмелий қәдем болады.

Бул сайлаўлар пүткил халқымыз, әсиресе, жасларымыздың арзыў-умтылысларын сәўлелендирип, олар ушын жаңа имканиятлар ашып береди, деп исенемен.

Бүгинги күнде қаншадан-қанша билимли, абырайлы сырт ел университетлеринде билим алған, шет тиллерди, заманагөй басқарыў усылларын жақсы билетуғын нәўқыран жаслар турмысымызға кирип келмекте.

Олар бизлердиң үмитимиз, ертеңги күнимиз. Соның ушын жасларға кеңнен жол ашып бериў, талап ҳәм мәплерин тәмийинлеў, қәбилет ҳәм талантын жүзеге шығарыў, турмыста өз орнын табыўына жәрдем бериў, оларға жуўапкер лаўазымларды исенип тапсырыў буннан кейин де турақлы итибарымыз орайында болады.

Әзиз перзентлеримиз елимиздиң мине усындай жоқары итибарына мүнәсип болып, өз потенциалы менен, миллий идеямызға садықлық пенен Өзбекстанымызды пүткил дүньяға танытатуғынына исенемен ҳәм бул жолда оларға бахыт және әўмет тилеймен.

Ҳүрметли ўатанласларым!

Сизлерди Өзбекстан мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамы менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

Ҳәммеңизге беккем денсаўлық, жаңадан-жаңа жетискенликлер, шаңарақларыңызға аўызбиршилик, перзентлер, ақлықлардың бахыт-ығбалын көриў несип етсин!

Ўатанымыз тыныш, аспанымыз ашық, жанажан Өзбекстанымыз аман болсын!

Ғәрезсизлигимиз мәңги болсын!

 

 ӨзА