Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышланып пайтахтымыздағы Ашық театрда болып өткен «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» атамасындағы театрластырылған әдебий музыкалы-хореографиялық байрам салтанатынан репортаж

Президентимиздиң басшылығында елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм мәплерин тәмийинлеў, Ўатанымызды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, оның халықаралық майдандағы абырай-мәртебесин арттырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» мәмлекетлик бағдарламасы, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен», «Жаслар – келешегимиз», «Бес унамлы баслама» сыяқлы әҳмийетли бағдарламалар ҳәм режелер шеңберинде қала ҳәм район орайларында, ҳәттеки, шетки аўылларымызға шекем қурылыс және дөретиўшилик жумыслары алып барылды. Соның менен бирге, халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў,  жаслар, ҳаял-қызлар, кексе әўлад ўәкиллери, социаллық қорғаўға мүтәж инсанларға ғамқорлық көрсетиўге  айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 8-июль күнги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы арнаўлы қарары тийкарында республикамыз бойлап кең көлемли таярлық жумыслары алып барылды.  Быйылғы жылғы байрамның «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» сүрени астында өткерилиўинде де терең мәни бар. Ҳәр жылдағыдай, быйылғы жылы да байрам алдынан бир қатар өндирислик, социаллық-мәдений объектлер халқымыздың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

2019-жыл, 29-август. Пайтахтымыздағы Ашық театр, оның әтирапы елимиз ғәрезсизлигин, мийнеткеш халқымызды, халықлар дослығын улығлаўшы шақырық-сүренлер, инсанға заўық бағышлайтуған рәңбәрең гүллер, түрли реңдеги жақтыландырыўшы шырақлар менен безелген.

Саат 19.30. Шақырық сазы менен байрам салтанаты басланып, сөз Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы М.Ерниязовқа берилди.

Республикамыз басшысы жыйналғанларды, гүллән халқымызды елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады.

 

Атап өтилгениндей,  бүгинги күни елимиздиң барлық жерлери сыяқлы республикамыздың қала ҳәм районлары жаңаша шырай ашып, үлкен дөретиўшилик майданына айланып бармақта. Соның нәтийжесинде биринши ярым жыллықта жалпы аймақлық өнимлердиң көлеми  7 триллион сумды қураған болса, жыл ақырына шекем  бул көрсеткиш 15 триллион сумға жетиўи күтилмекте.

Өткен алты ай даўамында қурылыс жумысларының көлеми 45 процентке, инвестициялардың көлеми 19,4 процентке, тутыныў товарларын ислеп шығарыў көлеми 8,4 процентке,  аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлеми 5,4 процентке, хызметлер көлеми 18 процентке өскени-экономикамыздың тез пәтлер менен раўажланып атырғанын дәлиллейди.

Усы жылдың 20-21-август күнлери  Президентимиздиң республикамызға болған сапары, сондай-ақ Нөкис қаласында халқымыз бенен болған ушырасыўы үлкен тарийхый ўақыяларды, қуўанышлы мәўритлерди, раўажланыўымыздың жаңа басқышын өзинде жәмлейди. Болып өткен ушырасыўларда елимиздиң басшысы  республикамызды раўажландырыўда бес тийкарғы ўазыйпаны белгилеп берди. Халқымыздың өтиниш тилеклеринен келип шығып, 2019-2022- жылларда жәми 14 триллион 684 миллиард сумлық 697 жойбарды әмелге асырыў, соның есабынан 14 мыңға шамалас жаңа жумыс орнын жаратыў ўазыйпалары белгилеп алынды. Соның ишинде, сырт ел инвестицияларының үлеси 914  миллион 735 мың АҚШ долларын қурайды.

Байрам алдынан бир қатар заманласларымыз орден ҳәм медальлар, мәмлекетлик атақлар алыўға миясар болды. Әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовқа елимиздиң ең жоқары сыйлығы-Өзбекстан Қаҳарманы атағының берилиўи Президентимиздиң халқымызға болған жоқары ҳүрмет ҳәм ғамқорлығының айқын көриниси болды. Бул қуўанышлы хабарды байрам қатнасыўшылары узақ даўам еткен қол шаппатлаўлар менен қарсы алды.

Буннан соң Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Бул жерде орнатылған монитор арқалы көрсетилген Президентимиздиң басшылығында ғәрезсизлик жылларында қолға киргизилген табыслар, республикамызда, соның ишинде, Мойнақ районында бүгинги күнги әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс жумыслары  ҳәр бир қатнасыўшыда айрықша қуўаныш және мақтаныш сезимлерин пайда етти.

Байрам тамашалары Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» сыйлығының ийеси Мақсет Өтемуратовтың атқарыўындағы «Туўған жер» қосығы менен басланды. Буннан кейин Ўатан, туўылған жер, ғәрезсизлик ҳаққындағы қосықлар менен аяқ ойынлар атқарылды.

Бүгинги күни елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыўлары ушын барлық шараят жаратылған. Булар Нөкис қаласындағы 1-санлы, 12-санлы, 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының, Нөкис қалалық мәденият бөлими жанындағы «Нәўше» үлгили балалар эстрада ансамбли, Жаслар орайы жанындағы «Шуғла» ҳәм «Жулдызша» ансамбльлери ағзаларының атқарыўындағы «Бес баслама-бес имканият» композициясында және бир мәрте өз көринисин тапты.

Елимизде денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Бүгинги күни спортшыларымыз келеси жылы Японияда болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ойынларына лицензия алыў ушын халықаралық жарысларға мүнәсип қатнасып атыр. Бунда оларға әўмет тилеймиз. Байрам тамашасының спорт бөлиминде  келешегинен үмит күттиретуғын жас спортшылардың көргизбели шығыўы болды.

Елимиздиң аймақлық пүтинлигин, шегераларымыздың тынышлығын, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде Қураллы Күшлеримиз халқымыздың ҳақыйқый қорғанына айланбақта.. Байрам тамашасында Арқа-Батыс  әскерий округи әскерлериниң салтанатлы шығыўы, олар тәрепинен Ўатан сүйиўшилик сезимлерин жырлаўшы қосықлар жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Республикамызда түрли миллет ўәкиллери бир шаңарақ ағзаларындай беккем аўызбиршиликте жасап ҳәм мийнет етип келмекте. Илажда түркмен, рус халықларының миллий қосықлары шеберлик пенен атқарылды.

 

Байрам тамашасы «Гүлленген Өзбекстан» көркем компазициясы менен жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышланған бундай илажлар, халық сейиллери республикамыздың барлық районлары ҳәм аўыллары бойлап даўам етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.