Вакцинация дүнья жүзи бойынша жуқпалы кеселликлер менен гүресиўде, эпидемиологиялық турақлылықты сақлаўда, халықтың орташа өмир сүриў даўамлылығын созыўда үнемли, ҳәммеге қолайлы қураллардың бири болып қалмақта. Өзбекстан Республикасында 12 түрдеги жуқпалы кеселликлерге қарсы профилактикалық шанышыў илажлары мәмлекет қаржылары есабынан әмелге асырылады. Өткерилип атырған вакцинациялардың есабынан бүгинги күнде полиомиелит, көк жөтел, дифтерия, столбняк сыяқлы бир қанша жуқпалы кеселликлердиң халық арасында пүткиллей жоқ болыўына ерисилди. Қызамық, қызылша кеселлигиниң асқыныўларынан өлимшилик дизимге алынбады.

Бүгинги күнде республикамызда профилактикалық шаншыўды сапалы өткериўге үлкен итибар қаратылып, бир қатар илажлар өткерилип атыр.

Атап айтқанда, 203 тен аслам шаншыў пунктлеринде халыққа хызмет ететуғын 406 шыпакер, 684 вакцинатор жәми 1 мың 90 хызметкер арнаўлы таярлықтан өткерилген.

2018-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайы жанынан вакцина сақлаў имараты ЮНИСЕФ балалар шөлкеми тәрепинен қурып питкерилди. Бүгинги күнде суўытатуғын үскенелер ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў қурылмалары орнатылып, барлық  Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайының вакцина сақлаў складлары ушын суўытқыш ҳәм музлатқышлар алып келинип, иске түсирилген. Сол жылы «Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң техникалық базасын раўажландырыў бюджеттен тысқары қорын басқарыў Кеңесиниң мәжилиси» тийкарында республикамыздың Кегейли ҳәм Шоманай районлық санитариялық-эпидемиологиялық орайлары жанынан вакцина сақлаў складлары қурып питкерилип, бүгинги күнде олардан нәтийжели пайдаланылмақта.

Республикамызда ҳаял-қызлар арасында «жатыр мойны раги» кеселлиги көп дизимге алынғаны себепли бул кеселликтиң профилактикалық шаншыў жолы менен ғана алдын алыў мүмкин. Сонлықтан 2019-жылдың ноябрь айынан баслап 9 жастағы қыз балаларды ВПЧ (адамның папиллома вирусы яғный жатыр мойны раги) кеселлигине қарсы шаншыў Миллий календарьға киргизилиўи режелестирилген.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.