Усы жылы 28-август күни Қараөзек  районында  Нөкис қаласынан, Қараөзек, Кегейли, Әмиўдәрья, Нөкис, Шоманай,  Қанлыкөл, Қоңырат, Хожели, Елликқала, Шымбай, жаңадан шөлкемлестирилген Бозатаў районларынан кем тәмийинленген 30 шаңараққа Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының қәўендерлигинде жаңа турақ жайларды тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы  У.Жәлменов, Қараөзек районының ҳәкими Р.Жумабаев  жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларға, майыплығы болған шахсларға көрсетилип атырған илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрьдеги  «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен елимиз бойлап кең көлемли қайырқомлық илажлары алып барылмақта. Бул бойынша мәнзилли бағдарлама ислеп шығылып, бизиң республикамыздың өзинен 112 шаңарақты жаңа турақ жай менен тәмийинлеў, 560 шаңарақтың турақ жайын оңлап бериў, 192 шаңараққа медициналық хызмет көрсетиў, 3444 шаңарақты электр хожалық буйымлары менен тәмийинлеў нәзерде тутылған. Усы мақсетлер ушын Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен 17  миллиард 511 миллион сумнан зыят қаржы ажыратылды.

Соннан усы күнге шекем  3444 шаңарақ 3 миллиард 125,6 миллион сумлық электр хожалық буйымлары менен тәмийинленди. Республикамыз бойынша 190 пуқараға медициналық жәрдем көрсетилди. Бул мақсетке 731 миллион 734,2 мың сум жумсалды.

Усы жылдың февраль айында Тахтакөпир районында 6, март айында Тақыятас районында республикамыз бойынша 60, июнь айында Төрткүл районында 5, жәми 71 кем тәмийинленген шаңараққа турақ жай тапсырылған еди. Бүгин усы ийгиликли ислердиң даўамы сыпатында 30 шаңараққа турақ жайлардың гилти тапсырылмақта. Бул илаждың елимиз бойлап «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» сүрени астында  кең түрде белгиленип атырған ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы алдынан өткерилип атырғаны әҳмийетли.

Жаңа турақ жай ийелеринен Қараөзек районынан Ольга Аймуратова, Кегейли районынан  Базарбай Ержанов, Елликқала районынан Юлдуз Атамуратова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, кем тәмийинленген шаңарақларға, жәрдемге мүтәж ҳәм майыплығы болған шахсларға көрсетилип атырған ғамқорлығы ушын Президентимизге миннетдаршылығын билдирди.

-Турақ жайым жанып кеткенлиги себепли балам, келиним, ақлықларым менен усы күнге шекем кирейде жасап келдим,-дейди Нөкис районы «Қутанкөл» мәкан пуқаралар жыйынынан Зинахан Султамуратова.-Мениң шаңарақ жағдайымды есапқа алып, кәсиплик аўқам тәрепинен бес ханалы турақ жай алып берилди. Елимизде жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳәмийше мәмлекетимиздиң ғамқорлығында екен. Бундай ғамқорлығы ушын Президентимизге шын жүректен алғысымды билдиремен.

Елликқала районы «Дослық» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Юлдуз Атамуратоваға жаңа турақ жайдың гилти тапсырылғанда көзине жас алмаған инсан болмаса керек. Биринши топар майыплығы болған ол бир иниси менен ата-анасыз қалды. Жақында район ҳәкимлиги инисиниң үйленген тойын өткерип берди. Ол да өзи туратуғын аймақтан жаңа турақ жай менен тәмийинленди.

Қатнасыўшылар жаңа турақ жайларда жаратылған шараятлар менен танысты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.