Айрықша жағдайлар министрлигиниң сайтында берилген мағлыўматқа қарағанда Ташкент қаласында имарат  конструкциясының қулап түсиўи ақыбетинде 4 адам ўақыя орнында қайтыс болды.

Усы жыл 28-август күни саат 13:00 әтирапында Алмазар районы Нурафшон көшесинде жаңадан қурылып атырған «Riviera» саўда комплексиниң қурылысы процесинде металл конструкцияның қулаўы жүз берген. Нәтийжеде, 4 жумысшы хызметкер қайтыс болған ҳәм 2 жумысшы дене жарақатын алған. Ҳәдийсе орнына Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Қалалық АЖБ хызметкерлери жетип барған. Ўақыя бойынша қосымша мағлыўматлар бериледи.

ӨзА