Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң 2019-жыл 17-июньдеги «2019/2020 оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы қарарында көрсетип өтилген, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық уйымларының усынысы тийкарында кейин ала усы системада бес жыл ислеп бериў шәрти менен сәўбет тийкарында 25 хызметкери жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етилди.

Салық тараўында 5 жылдан берли нәтийжели мийнет етип атырған бул хызметкерлердиң жоқары оқыў орынларының студенти болғаны оларды Ўатанымыздың раўажланыўы жолында садықлық пенен хызмет етиўге ийтермелейди.

– Жоқары оқыў орнына қабылланып, студент деп атаныўдан дерлик үмитимди үзген едим, – дейди Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы мәмлекетлик салық инспекторы А.Мамбетдурдиев. – Президентимиздиң усы жыл 17-июньдеги қарары тийкарында оқыўға қабылландым. Бул мен ҳәм шаңарағым ушын қуўанышлы жаңалық болды. Президентимизден бизге усындай имканият жаратып бергени ушын шексиз миннетдарман.

Елбасшымыздың басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар халқымыздың абаданлығын арттырып, олардың бүгинги күнинен разы болып жасаўын тәмийинлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Имканият, жаратылған шараятлар, әлбетте, ертең өз жемисин берери анық.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.