Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы алдында Самарқандта және бир абырайлы халықаралық илаж өткерилмекте. Дүнья тән алған абырайлы байрам-«Шарқ тароналари» XII халықаралық музыка фестивалы мүнәсибети менен қала байрамға сай безелген.

Кең ҳәм таза көшелерде рәңбәрең байрақлар желбирейди. Пайызлы бағ ҳәм қыябанлардың сулыўлығы, адамлардың жүзиндеги қанаатланыўшылық үлкен байрамның руўхын көрсетеди.

«Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы дүнья халықлары арасында мәлений бирге ислесиўди беккемлеў, музыка көркем өнери дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыў мақсетинде 1997-жылдан берли өткерип келинбекте. Ҳәр еки жылда бир мәрте белгиленетуғын фестиваль дүнья халқының өз-ара мәдений қарым-қатнасқа болған турмыслық талабын әмелге асырыўда оғада әҳмийетли қурал болып хызмет етпекте.

ЮНЕСКО қәўендерлигинде өткерилетуғын үлкен мәдений илаж бүгинги қыйын дәўирде инсанларды тынышлыққа, бирге ислесиўге ийтермелейтуғын ҳәм буны әмелде көрсететуғын жақсылық минберине айланып үлгерди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң  2019-жыл 26-февральдағы қарарына муўапық, «Шарқ тароналари» XII халықаралық музыка фестивалына ҳәр қашанғыдан да үлкен таярлық көрилди. Тарийх бетлеринде көркем қала деп тәрийпленетуғын Самарқандта кең көлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимизде туризмди раўажландырыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер нәтийжесинде Самарқандта да жаңа мийманханалар, ресторан ҳәм басқа да көплеген туристлик объектлер қурылды.

Бир ғана мысал. Өткен жигирма жылдан аслам ўақыт аралығында халықаралық музыка кешесиниң мийманларын қабыл етиў ушын санаўлы мийманханалар таярланған болса, усы жылдың өзинде жигирмадан аслам әне сондай хызмет көрсетиў объектлери көркем өнер хызметкерлери ушын таярланды.

Илаж қатнасыўшыларына жоқары дәрежеде хызмет көрсетиўди тәмийинлеў мақсетинде елимизде ҳәм сырт елде ислеп шығарылған, барлық қолайлықларға ийе транспорт қураллары тартылды. Мийманлардың Самарқанд пенен жақыннан танысыўы ушын жаңа туристлик бағдарлар шөлкемлестирилди. Әмир Темурдиң тарийхый Бағыбәлент әнжир атызлары биринши мәрте туристлик маршрутқа киргизилди.

Самарқандтағы «Жипек жолы» туризм халықаралық университети ҳәм Шет тиллер институтының оқытыўшылары, студентлеринен ибарат 215 қәнигели гид-дилмаш сырт елли мийманларға Ўатанамыздың бай өтмиши, бүгинги күни, уллы уламаларымыз ҳәм  сәркарда бабаларымыз, жәннетке тең елимиздиң гөззал тәбияты, ашық кеўил инсанлары ҳаққында гүрриң етеди.

Самарқанд, Регистан майданы. 26-август, саат 19.00

Қуяш батты. Сулыў медреселер күнниң қызарып батқан сәўлесинде ҳәм ҳәр түрли шырақлардың жақтысында және де гөззал, саўлатлы көринеди. Үш саўлатлы медресе ортасына қурылған, фестиваль руўхына сай түрде безелген амфитеатрға мыңлаған, миллионлаған көзлер қадалған. Тамаша орны «Шарқ тароналари»  халықаралық музыка фестивалының ашылыў мәресимине жыйналған адамлар менен толған. Олардың арасында әнжуман қатнасыўшылары ҳәм мийманлары, көркем өнер ықласбентлери, музыка  таныўшы илимпазлар, сырт елли ҳәм жергиликли журанлистлер, туристлер бар.

Фестиваль қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти қол шаппатлаўлар менен күтип алды.

Гернай-сырнай, дәптиң сеслери жаңлады.

Сөз Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа берилди.

Мәмлекетимиз басшысы «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы қатнасыўшыларын ҳәм мийманларды қызғын қутлықлап, дүньяда тынышлық ҳәм миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеўде бул көркем өнер әнжуманының әҳмийети шексиз екенин атап өтти. Фестиваль қатнасыўшыларына дөретиўшилик табыслар тиледи.

Мәресимде шығып сөйлеген ЮНЕСКО бас директоры Одри Азуле ханым Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын, «Шарқ тароналари» фестивалы, әне, сол итибардың жоқары үлгиси екенлигин атап өтти.

«Шарқ тароналари» гимниниң сеслери астында сахнаға фестиваль қатнасыўшылары – 75 мәмлекеттиң байрағы алып шығылды.

Майдан бойлап жағымлы қосық жаңлады. Бул нама жүреклерден орын алып, кеўилдиң нәзик тарларын шертеди. Жүреклерди толқынландырып, ҳайран қалдырады. Бул қосық сыйқырының, нама ҳәм музыка қүдиретиниң әмелдеги көриниси есапланады.

Көркем өнер адамлардың арзыў-нийети, қуўанышы ҳәм шадлығы, әрман ҳәм қайғылары, ишки кеширмелерин сәўлелендириўши қурал болып табылады. Сөзде ямаса көринисте сүўретлеп бериўдиң имканияты болмаған сезимлер музыкада көринеди, жүреклерде қайталанады. Музыка халықларды түрли миллет ҳәм еллерди бир-бирине танытады, кеўиллерди жақынластырады.

Самарқанд әзелден тек ғана саўда-сатық емес, ал илим, көркем өнер ҳәм мәденияттың орайы  болып келген. Самарқанд жақынындағы Мўминобод аўылынан 3 мың 300 жыллық тарийхқа ийе сүйектен соғылған най табылғаны, Афрасиёбтың дийўалларына қосықшы ҳәм сазенделердиң сүўретленгени де пикиримизди дәлиллейди. Ҳәр сапар фестивальға келген мийманлар, қатнасыўшылар Самарқанд музейлериниң бийбаҳа экспонаты сыпатында сақланып атырған бул дәлиллерге таң қалып қарайды, бабаларымыздың қаншелли жоқары ақыл ҳәм билимниң ийеси болғанлығын тән алады.

Дүнья цивилизациясына оғада үлкен үлес қосқан үллы уламаларымыз да музыка, қосық ҳаққында философиялық-эстетикалық көзқарасларды алға қойып, бул ҳаққында шығарамалар жазған. Атап айтқанда, Әбу Наср Фарабий «Музыка ҳаққында»китап шығармасында сеслердиң пайда болыўы, намалардың үнлеслиги, темп ҳәм олардың түрлерин таллаған. Әбу Али Ибн Сино «Медицина нызамлары» китабында жүрек, нерв кеселликлерин музыка қураллары арқалы емлеў жолларын жазған.

Саҳыпқыран Әмир Темур дәўиринде Самарқандта илим ҳәм көркем өнердиң барлық тараўлары қатарында музыка ҳәм қосықшылық та раўажланған. Бул жерге дүньяның түрли үлкелеринен шебер сазенде ҳәм қосықшылар жыйналған. Уллы сәркарданың жүрислеринен соң үлкен музыка кешелери өткерилген, рәсмий қабыллаўлар байрам ҳәм мәресимлер нама ҳәм қосықларсыз өтпеген.

Тарийхшы Шарафиддин Али Яздий «Зафарнома» шығармасында Әмир Темур сарайында өткерилген музыка әнжуманларына тоқтап, «Жағымлы  ҳаўазға ийе қосықшылар қосық айтыўды баслап, ғәзелл айтар еди. Ҳәм түрк және монғол, қытай менен араб ҳәм парсылар өз қосықларын айтатуғын еди», деп жазған.

Бүгин мәмлекетимизде музыка ҳәм көркем өнерди раўажландырыў, усы  тараў ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жаслардың бул бағдардағы талантын ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыўға айрықша итибар қаратылмақта. Кейинги жылларда мәмлекетимиз басшысының усы бағдардағы бир қатар пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 17-ноябрьдеги «Өзбек миллий мақам көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары миллий классикалық көркем өнеримиздиң раўажланыўында жаңа перспективаларды ашты. Усы ҳүжжет тийкарында мәмлекетимиз пайтахтында Өзбек миллий мақам өнери орайы, аймақларда үлгили мақам ансамбльлери шөлкемлестирилди. Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде мақам әлипбеси пәниниң оқытылыўы жолға қойылды. Мәмлекетимизде социаллық, руўхый ағартыўшылық тараўлардағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бойынша алға қойылған бес тийкарғы басламадан бири де жас әўладтың музыка ҳәм көркем өнерге сүйиспеншилигин арттырыў, халқымыздың бийтәкирар мәденияты ҳәм көркем өнерин үйрениўге итибарды күшейтиўге қаратылған.

Усы ўақытқа шекем елимизде музыка ҳәм көркем өнер бойынша «Шарқ тароналари» фестивалы халықаралық көлемде өткерилген болса, ендигиден былай бундай илажлар бир нешеге көбейди. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2018-жылы Шаҳрисабз қаласында Халықаралық мақам  көркем өнери әнжуманы, Термизде Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы жоқары көтериңкилик пенен өткерилди. Усы жылдың июль айында Марғилон қаласында шөлкемлестирилген халықаралық фольклор фестивалы да усы көркем өнерди кеңнен үгит-нәсиятлаў, заманға сай етип ҳүрметлеп сақлаў, үйрениў, өзлестириў, раўажландырыў ҳәм фольклор көркем  өнериниң шебер атқарыўшыларын хошаметлеў, жаслар ҳәм келешек әўладтың кеўлинде фольклор музыка көркем өнерине болған меҳирин арттырыўға хызмет етиўи менен әҳмийетли болды. Итибарлы тәрепи сонда, бул халықаралық фестиваль ҳәм әнжуманлар турақлы түрде өткерилиўи белгилеп қойылды.

…Мәресимдеги классикалық қосықлар, фольклордың үлгилери, дүнья музыка ҳәм қосықшылық өнериниң әжайып дүрданалары, заўықлы аяқ-ойынлар кеўиллерди толып-тастырады. Тамашагөйлер жүрекке жақын қосықларға қосылып айтады, шох қосықлардан заўық алып, ойынға түседи. Тил ҳәм дилмаш таңламайтуғын бул намалар  кеўиллерге кирип барады. Ҳәр бир инсанды, ол қайсы ел, қайсы миллет, қайсы дин ўәкили болыўына қарамастан көркем өнер арқалы бир-бирине жақынластырады, досқа айландырады.

«Шарқ тароналари», әне, усы тәреплерди өзинде жәмлегени ушын да өткен дәўир аралығында абырайлы мәдений илажға айланды. Өйткени, халықаралық дәрежедеги басқа музыка фестивальлары музыка көркем өнериниң белгили бир түрлерине қәнигелескен. Айырымларында тек ғана қосық айтылса, басқаларында болса музыка шертиледи ямаса ойын атқарылады. «Шарқ тароналари» болса көркем өнердиң барлық көринислерин өзинде жәмлеген. Соның ушын да дүньядағы абырайлы халықаралық шөлкемлерден бири – Халықаралық фольклор көркем өнери шөлкеми жақында «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалын ағзалыққа қабыл етти.

Мәмлекетимизде усы күнге шекем 11 мәрте өткерилген фестивальда дүньяның 114 мәмлекетинен ўәкиллер қатнасқан. 1997-жылдағы биринши фестиваль 31 мәмлекет ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген болса, быйылғы қатнасыўшы мәмлекетлердиң саны 75 ти қурайды.

– «Шарқ тароналари» дүньяда уқсасы жоқ абырайлы көркем өнер, музыка фестивалы, – дейди музыкатаныўшы Калабрес Жозе Лукас (Аргентина). – Бул илажда қатнасыў биз ушын үлкен мақтаныш. Регистан сыяқлы бийтәкирар комплексте қосық айтыў, миллий көркем өнеримизди көрсетиў имканияты берилип атырғанынан жүдә қуўанышлымыз. Фестивальдың салтанатлы ашылыў мәресими буншелли үлкен байрам болатуғынлығын күтпеген едик. Өзбек халқының музыка ҳәм көркем өнери бай, рәңбәрең екен. Биз бул дәстүрди көрип, оғада көп тәсирлер алдық.

Фестиваль шеңберинде Шығыс халықлары музыка көркем өнери дәстүрлерин үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға бағышланған халықаралық әнжуманды өткериў дәстүрге айланған. Быйыл фестиваль даўамында «Шығыс халықларының дәстүрий музыка көркем өнерин раўажландырыў перспективалары» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткериледи.

Фестивальдың жаңаланған режеси бола, быйыл таңлаў қатнасыўшыларының шығыўлары еки бағдар – профессионаллық түрдеги халық музыка ҳәм қосықлары және дәстүрий дөретиўшилик үлгилери – заманагөй музыка ямаса қосық бағдарында баҳаланады.

Фестиваль қатнасыўшылары таңлаў бағдарламасынан басқа ўақытларда Самарқанд қаласында, сондай-ақ, Ақдәрья, Самарқанд, Пастдарғом, Тайлоқ, Үргут ҳәм Жамбай районларындағы дем алыў бағлары, мәденият орайларында дөретиўшилик ушырасыўлар, концертлерде қатнасады.

Салтанатлы мәресим елимиздиң көркем өнер шеберлери, жас атқарыўшылардың шох ҳәм кеўилге қонымлы қосықлары менен даўам етти. Самарқанд аспанында  жарқыраған салютлар, «Шарқ тароналари» музыка фестивалының намалары узақ-узақларда жаңлады.

photo5413705173534092178.jpg

photo5413705173534092181.jpg

photo5413705173534092179.jpg

photo5413705173534092182.jpg

photo5413705173534092183.jpg

photo5413705173534092185.jpg

photo5413705173534092188.jpg

photo5413813423889820503.jpg

photo5413813423889820506.jpg

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның  арнаўлы хабаршылары