Әмиўдәрья районы Қылышбай АПЖ да жасаўшы Айсина София арза менен мүрәжат етип, онда бул пуқара 199-санлы дүкәннан 430 мың сумға ағаш кесиў үскенесин сатып алғанын, бирақ үйине алып барса дурыслап ислемей қалғанын көрсеткен. Буннан наразы болған тутыныўшы сатыўшыдан алмастырып бериўин сораса, сатыўшы ҳәр қыйлы бәнелер менен буннан бас тартады.

Мүрәжат районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен үйренип шығылып, үскене басқасына алмастырылып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(ҚР Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматлары тийкарында таярланды)

Телеграмдағы каналымызға ағза болыӊ