Президенттиң тапсырмасына муўапық, Имам Бухарий комплексин реконструкциялаў ҳәм кеңейтиў нәзерде тутылған. Симметриялық тәризде еки мешит ҳәм төрт минара қурыў, жолдан кирип келгенде қыябан, оның әтирапында киши мийманханалар ҳәм ири отель, басқа да инфраструктура объектлерин қурыў режелистирилген.

Мәмлекетимиз басшысы комплексти реконструкциялаўға байланыслы усыныслар менен танысты.

– Бул жер Имам Бухарий бабамыздың илимий мийрасына, ислам әлеминдеги жоқары статусына мүнәсип болыўы керек. Мешитлер кең ҳәм саўлатлы болыўы керек. Дийўалларға саҳиҳ ҳәдислеринен үзиндилер жазып қойылса, комплекстиң мазмуны және де байыйды. Бул жасларға билим, руўхый азықлық береди. Мәмлекетимизде зыярат туризминиң тийкары негизинде усы жер. Бул жерде зыяратшылар қанша ўақыт болыўына қарамастан, барлық қолайлы шараят болыўы керек, – деди Президент.

Шавкат Мирзиёев комплекстиң реконструкциясын асықпай, сапалы ҳәм терең ойлап жойбарларстырыў, сырт ел тәжирийбесин үйренип, зыяратшыларға және де кеңнен қолайлық жаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Комплекстеги жумыслар мәмлекетимизде илим-ағартыўшылықты раўажландырыў, динге сыйыныўшыларға еркинлик ҳәм шараят жаратыў бағдарында гезектеги ийгиликли қәдем болады.

 

ӨзА