Қырғызстан Аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты ҳәм мелиорация министрлиги додалаўлар ушын кең жәмийетшиликтиң итибарына күшли емес алкогольли энергетикалық ишимликлерди ислеп шығарыўды ҳәм сатыўды қадаған етиўши жойбарды усынды.

Министрликтиң мағлыўматына бола, күшли емес алкогольли ишимликлердиң зыянлы тәсирин есапқа алып, парламенттиң экономикалық ҳәм фискаль сиясат комитетиниң қарарын орынлаған ҳалда усындай қадаған етиўлерди Қырғызстан республикасы нызамшылығына да киргизиў керек.

Мәселен, Қырғызстан республикасының «Этил спирт ҳәм алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм сатыў, алкоголь өнимлери, энергетикалық алкогольсиз және күшли емес алкогольли ишимликлердиң пайдаланыўын ҳәм сатылыўын тәртипке салыў ҳаққында»ғы Нызамда күшли емес алкогольли өнимлердин ислеп шығарылыўы ҳәм сатылыўы қадаған етилиўи бойынша усыныс берилген.

ӨзА