Республикамыз Президенти Ш.М.Мирзиёев Өзбекстан халқына Қурбан ҳайты қутлықлаўын жоллады.

 

Халқымыз пүткил мусылман үммети менен биргеликте үлкен қуўаныш ҳәм шадлықлар менен күтип алып атырған Қурбан ҳайты менен сизлерди, гөззал диярымыздағы барлық мөҳминлерди шын жүректен қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Әсирлер даўамында елимиздиң руўхый турмысында теңсиз орынға ийе болып, жәмийетимизде өз ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт ҳәм кеңпейиллик принциплерин еле де беккемлеп киятырған бул қутлы байрам бәршемизге мүбәрек болсын!

Бәршеңизди Қурбан ҳайты байрамы менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.

«Кеўлиң – Аллада, қолың – мийнетте болсын», деген ең жоқарғы исеним менен жасап атырған халқымыз бәрқулла аман болсын!

Жаннан әзиз Ўатанымыз, шаңарақларымызды тынышлық, аўызбиршилик, қут-берекет ҳеш қашан тәрк етпесин!

Ийгиликли умтылыс ҳәм жумысларымызда Жаратқанның өзи бәрқулла қоллап турсын! – деп жазылған қутлықлаўда.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.