Усы жылдың 6-август күни Kun.uz сайтында пуқаралар Тлеубике Юлдашева, Перизат Бегжанова, Саипназар Қаипов ҳәм Бисенбай Досжановлардың 2019-жыл 1-августта Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы музей әтирапында наразылық акциясын өткергени, акция даўамында Миллий гвардияның 20 ға шамалас хызметкерлери тәрепинен оларға күш ислетилгени ҳаққындағы мақала жәрияланған еди. Бул мақаладағы жағдайларды үйрениў бойынша усы жылдың 7-август күни Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети баслығы Э.Боситхонова Нөкис қаласына келди.

Жағдайды үйрениў даўамында жоқарыда атлары аталған пуқаралар өзлериниң социаллық машқалалары бойынша ҳеш қандай мәмлекетлик ямаса жәмийетлик шөлкемлерге мүрәжат етпестен, И.В.Савицкий атындағы музей әтирапында наразылық акциясын шөлкемлестиргени, оларға Миллий гвардия хызметкерлери тәрепинен ҳеш қандай күш ислетилмегени, рухсат етилмеген наразылық акциясын шөлкемлестиргени ушын Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 201-статьясына (Жыйналыслар, митинглер, көшедеги жүриўлер ямаса демонстрациялар шөлкемлестириў, өткериў тәртибин бузыў) муўапық Тлеубике Юлдашева ең кем мийнет ҳақының 10 есеси, Перизат Бегжанова болса 5 есеси муғдарындағы жәриймаға тартылғаны мәлим болды.

Соны айырықша атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 201-статьясына муўапық жыйналыслар, митинглер, көшедеги жүриўлер ямаса демонстрациялар шөлкемлестириў, өткериў тәртибин бузыў ең кем мийнет ҳақының алпыс есесинен сексен есесине шекемги муғдарда жәриймаға тартыўға ямаса бес суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себепши болады. Бирақ, суд тәрепинен Т.Юлдашева ҳәм П.Бегжанованың социаллық жағдайы есапқа алынып, оларға ең кем мийнет ҳақының он ҳәм бес есеси муғдарында жәрийма жазасы қолланылған.

Сондай-ақ, 2019-жыл 9-апрель күни Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен Т.Юлдашеваға Нөкис қаласындағы 21-киши районнан 1 бөлмели жай берилген болып, бирақ соған қарамастан Т.Юлдашева Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 2441-статьясы, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 201-статьясында көрсетилген ҳәрекетлерди әмелге асырып, өзиниң нызамға қайшы ҳәрекетлерин даўам етип келген.

Бас министр орынбасары Э.Боситхонова тәрепинен Қарақалпақстан Республикасындағы ҳаял-қызлардың социаллық машқалаларын үйрениў ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелге асырған илажлары даўамында Т.Юлдашева ҳәм П.Бегжановалардың да социаллық машқалалары шешилди – оларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеў илажлары көрилди. Бул болса атқарыў ҳәкимияты ўәкиллериниң халық арасындағы ҳәр бир машқалаға бийпәрўа болмастан, оларды сапластырыў бойынша Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған сиясаттың қоллап-қуўатланып киятырғанының бир көриниси, десек болады.

Усы орында айырықша атап өтиў орынлы, елимизде ҳәр қандай социаллық машқалаларды сапластырыў, унамлы шешиў мақсетинде елимиздиң ҳәр бир қала ҳәм районларында Президенттиң халық қабыллаўханалары, Интернет тармағында виртуал қабыллаўханасы, сондай-ақ, ҳәр бир басшы ҳәм лаўазымлы тәреплердиң пуқараларды қабыллаў күнлери, виртуал қабыллаўханалары, исеним телефонларының жумыслары жолға қойылған болып, булардың барлығы машқалаларды орынлардың өзинде шешиў ушын хызмет етпекте. Халқымыздан ҳәр қандай социаллық машқалаларыңыз бойынша биринши гезекте усыларға мүрәжат етиўиңизди сораған болар едик.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.