Өзбекстан Кәсиплик аўқамлар федерациясында адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиўде пуқаралық жәмийети институтларының ролине бағышланған семинар болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайы ҳәм Өзбекстан Кәсиплик аўқамлар федерациясы менен бирге шөлкемлестирилген илажда республикамыздағы тармақ кәсиплик аўқамларының кеңеслери, кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң аймақлық бирлеспелериниң хызметкерлери, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң елимиздеги ўәкилханасының ўәкиллери менен журналистлер қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайының директоры А.Саидов адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке тартыў глобаллық машқалалардан бири болып, оны шешиўде барлық мәмлекетлер бирдей қатнасатуғынын атап өтти. Өзбекстанда усындай жағдайларға қарсы гүресиў бойынша нызамлы тийкарлар жаратылған. Усы мақсетте БМШ ҳәм Халықаралық мийнет шөлкеминиң халықаралық шәртнамалары ратификацияланды. Оған муўапық, елимиздиң нызамшылығына өзгерислер киргизилди.

Президентимиздиң 2019-жыл 30-июльдеги «Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманының қабыл етилиўи бул бағдардағы әҳмийетли қәдемлерден бири болды.

Ҳәзирги күнде усы ҳүжжет тийкарында республикамыз бойлап адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланыўдың алдын алыўға қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Онда пуқаралық жәмийети институтлары да қатнаспақта. Олардың арасында ҳәр қыйлы кәсиплик аўқамлардың шөлкемлери әҳмийетли орын ийелейди. Буннан тысқары Ўатанымызға қайтып келген адам саўдасынан жәбирленгенлерге жәрдем көрсетилмекте. Усы мақсетте адам саўдасынан жәбир көргенлерге жәрдем бериў бойынша Республикалық реабилитация орайы шөлкемлестирилди. Онда ҳәр бир жәбирлениўши руўхый, медициналық ҳәм юридикалық жәрдем алыўы мүмкин. Халықаралық мийнет шөлкеминиң «Өзбекстанда балалар ҳәм мәжбүрий мийнетти үшинши тәрептен мониторинг етиў» жойбарының бас техникалық мәсләҳәтшиси Й.Аструптың билдириўинше, ҳәзирге күнде дүнья жүзи жәмийетшилиги елимизде болып атырған өзгерислерди үлкен қызығыўшылық пенен бақлап бармақта. Тез арада гезектеги пахта терими басланады ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша барлық халықаралық шөлкемлер усы процессти бақлап барады. Онда пахта теримине тартылған ҳәр бир жумысшы өз ҳуқықларын билиўи ҳәм зәрүр жағдайларда олардың бузылып атырғаны ҳаққында хабар бере алыўы мүмкин.

Семинар шеңберинде, сондай-ақ, ЕҚБШ ның техникалық жәрдеми астында басып шығарылған «Адам саўдасынан жәбирленгенлерди өз елине қайтарыў процесинде инсан ҳуқықларына әмел етиў бойынша қолланба» атлы өзбек тилиндеги топламын таныстырыў болып өтти. Китаптың биринши бөлиминен орын алған жети тийкарғы принцип ЕҚБШ көлеминде қолланылатуғын халықаралық нормалардан келип шығады.  Ҳәр бир принцип қысқа билдирилген болып, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети ушын тийкарғы факторлар менен усынысларды өз ишине алады. Баспаның екинши бөлиминде усы бағдарламалық принциплер ушын тийкар болған халықаралық-ҳуқықый нормалар ҳаққында толық мағлыўмат бериледи. Яғный қолланба адам саўдасынан жәбирленгенлерге көрсетилетуғын жәрдемди және де жақсылаўға қаратылған. Сол себепли, бул басылым мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары ушын әҳмийетли дәрек болып хызмет етеди. Топлам, сондай-ақ, адам саўдасынан жәбирленгенлерди қайтарыў мәселеси бойынша нызамшылық ямаса дәстүрий қатнас жасаўларды ислеп шығыў менен шуғылланып атырған мәмлекетлик структуралар ушын да пайдалы болып есапланады.

Семинар жуўмағында қатнасыўшылар тәрепинен перспективадағы мақсет ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды.

Роман БОНДАРЧУК,

ӨзАның хабаршысы