16-октябрь күни И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Виктор Иванович Уфимцевтиң дөретиўшилик жолы» атамасында кеше өткерилди.

Оған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ҳәм Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң сүўретлеў өнери бағдарының студент жаслары, олардың устазлары қатнасты.

-Музейдиң илимий хызметкерлери тәрепинен жасларға ҳәр түрли темадағы конференциялар, семинарлар, көргизбелер, художниклер менен ушырасыўлар ҳәм шеберлик сабақлары өткерилип келинбекте, – дейди жас көркем өнертаныўшы Жулдызхан Шардеметова. Бүгин мине, художник В.И.Уфимцевтиң дөретиўшилик жолы ҳәм оның музей коллекциясындағы дүрдана шығармалары жасларға үлги етип көрсетилмекте. Сүўретлеў өнери тарийхында өшпес из қалдырған художник В.И.Уфимцев ҳаққында жасларға ҳәр тәреплеме мағлыўмат берип, оларда өз тараўы бойынша жоқары жетискенликлерге ерисиўине жәрдем бериўди нийет еткенбиз.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы