Нөкис қаласының 4 тәрепинде жайласқан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының имаратларын (корпусларын) пайтахтымыздағы П.Сейтов көшеси бойлап бир аймақта жәмлестириў режелестирилмекте.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 8-ноябрьдеги бийлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң 13-ноябрьдеги буйрығы тийкарында Нөкис мелиорация ҳәм суў хожалығы кәсип өнер колледжиниң, Нөкис агроэкономика кәсип өнер колледжиниң, Нөкис педагогика кәсип өнер колледжи жатақханасының имаратлары тийисли жер майданлары менен бирге Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының балансына бийпул тапсырылды.

Нөкис мелиорация ҳәм суў хожалығы кәсип өнер колледжиниң оқыўшылары П.Сейтов көшеси 19-жайда жайласқан, быйыл сапластырылып атырған 2-санлы Нөкис санаат ҳәм хызмет көрсетиў кәсип өнер колледжи имаратында оқыўын даўам еттиреди. 2-санлы Нөкис санаат ҳәм хызмет көрсетиў кәсип өнер колледжи сапластырылғаны менен оның оқыўшылары питкергенге шекем усы оқыў орнында қалады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги