Усы жыл 30-июльде Президентимиздиң «Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Енди бул бағдарда қандай өзгерислер, жаңалықлар болады?

Халықаралық пресс-клубтың гезектеги сессиясында усы ҳаққында сөз болды.

Додалаўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева, ишки ислер министри Пўлат Бобожонов, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Шерзод Кудбиев, Бас прокурордың орынбасары Эркин Йўлдошев, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңестиң баслығы Шавкат Жавлонов спикер сыпатында қатнасты.

Атап өтилгениндей, пәрман менен адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша республика уйымлараралық комиссиясы Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясы етип қайта шөлкемлестирилди. Миллий комиссия мәмлекетлик уйымлар ҳәм аймақлық уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң адам саўдасы, мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўындағы жумысын муўапықластырады. Миллий нызамшылықты ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў мақсетинде усы тараўда мәмлекетлик бағдарламалар және басқа да бағдарламаларды ислеп шығады. Жынаятларды анықлаў , тергеў, алдын алыў ҳәм оларға шек қойыў әмелиятын үйренеди. Мақсет анық ҳәм оғада әҳмийетли – адам саўдасына қарсы гүрестиң нәтийжелилигин арттырыў, усы бағдардағы жумысларды системалы таллаў, пайдаланылмай атырған имканиятларды иске қосыў, жол қойылатуғын кемшиликлерге реал шешим табыў.

Ишки ислер министри Пўлат Бобожонов тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, 2017-жылда мәмлекетимизде адам саўдасы менен байланыслы 300 ден аслам жынаят исленген.

Статистика бул бағдардағы жынаятлар санының азайып атырғанынан дәрек берсе де, адам саўдасы машқаласы еле әҳмийетли болып қалмақта. Усы мәнисте, министр Миллий комиссияға киргизилетуғын усыныслар да, комиссияның өзи әмелге асырыўы керек болған жумыслар да оғада көп екенлигин айрықша атап өтти.

Атап өтилиўинше, адам саўдасы көбирек ҳаял-қызларды өз ийримине тартпақта. Оны санлар да дәлилейди. 2018-жылдың ақыры ҳәм  2019-жылдың алты айында адам саўдасы менен жынаят ислегени ушын 70 шахс судланған. Олардың 55 и ҳаял-қызлар екенлиги ашынарлы жағдай.

Усы иллетке байланыслы жынаяттың және бир тийкарғы «аудиториясы» мийнет мигрантлары екенлиги жақсы белгили. Бүгинги күнде сырт елде 2 миллион 600 мыңға шамалас өзбекстанлы мийнет етпекте. Бирақ адам саўдасы ямаса мәжбүрий мийнеттиң ақыбетлери инсан, жәмийет ҳәм мәмлекетке бир қанша қымбатқа тусетуғынлығын умытпаў керек.

-Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде 81 жеке-меншик бәнтлик агентлиги жумыс алып бармақта. Олардың 60 тан асламы Өзбекстан пуқараларын сырт елде жумысқа орналастырыў бойынша лицензияға ийе,-деди бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Шерзод Кудбиев.- Бирақ олар тәрепинен рәсмий түрде жумыс пенен тәмийинленгенлердиң саны 3-3.5 мыңнан аспай атыр. Бул система биз ушын жаңа. Соның ушын адамларға таныс-билистен гөре, жеке-меншик агентликлер арқалы пул төлеп сырт елге кетиў исенимли ҳәм қәўипсиз екенлигин түсиндириўимиз керек.

Министрдиң мәлим етиўинше, пуқараларымыздың ҳуқықларын ҳәм мийнет етиўин қорғаў мақсетинде арнаўлы қор шөлкемлестирилген. Усы қордың жәрдеминде өткен жылы Россия Федерациясы ИИМ ўақтынша сақлаў орайларында услап турылған 1314 өзбекстанлы пуқара мәмлекетимизге алып келинди. Сондай-ақ, жақын ўақыт ишинде нызамшылыққа да өзгерислер  киргизилетуғынлығы нәзерде тутылмақта. Бул өзгерислерде пуқараларды ямаса хызметкерлерди мәжбүрий мийнетке тартқанлығы ушын жуўапкер шахсларға жынайый жуўапкершилик белгиленетуғыны нәзерде тутылған. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда бундай жағдайларда ең кем мийнет ҳақының 3 есесиндеги ҳәкимшилик жаза түри қолланылады.

Феруза Каримова, ӨзА