Бүгин, 31-июль күни Қарақалпақстан Республикасынан улыўма 135 пуқара ислам дининиң муқаддес парызларының бири болған Ҳаж зыяратына жөнеп кетти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хабар берди.

Оларды шығарып салыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, пайтахтымыздағы Имәм ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешити, әл-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам оқыў орнынан, сондай-ақ, ғалабал хабар қуралларынан ўәкиллер қатнасты.

«Ҳаж-2019» мәўсиминде Қарақалпақстан Республикасынан жолға шыққан 135 пуқарамызға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери Д.Беканов, Әмиўдәрья районындағы Ҳажы ийшан жәмәәтлик мешити имәм-хатиби Р.Ҳабибуллаев ҳәм Кегейли районындағы Сүйин ийшан баба жәмәәтлик мешити имәм-хатиби Қ.Изтилеўовлар басшылық етеди.

Еслетип өтемиз, быйыл зыяратқа атланған пуқараларымыз Ташкент-Нөкис-Мадина жөнелиси бойынша Нөкис халықаралық аэропортынан Саудия Арабстанының Мадина қаласына жөнеп кетти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.