Прокуратура уйымлары 2019-жылдың дәслепки алты айында жас өспиримлер ҳаққындағы нызамлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 1 мың 522 тексериў өткерген.

Анықланған нызамға қайшы жағдайлар бойынша 7 мың 459 прокурорлық қадағалаў ҳүжжетлери қолланылған.

Нәтийжеде 7 мыңнан аслам лаўазымлы шахс интизамий, ҳәкимшилик ҳәм материаллық жуўапкершиликке тартылған.

Өзбекстан Республикасының «Қәўендерлик ҳәм ғамхорлық ҳаққында»ғы нызамының орынланыўы шеңберинде 3 мың 16 жетим ҳәм ата-ананың қараўысыз қалған бала анықланған.

Бул бағдарда 701 прокурорлық қадағалаў ҳүжжетлери қолланылған. Нызам бузыўшылыққа жол қойған 265 шахс интизамий ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған болса 2 жуўапкер шахсқа жынайый ис қозғалған.

Бул мағлыўматлар Бас прокуратурада болып өткен брифингде журналистлерге мәлим етилди.

Буннан тысқары, Жас өспиримлердиң жумысы бойынша Республикалық уйымлараралық комиссия тәрепинен «Жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша 2019-жылда әмелге асырылатуғын комплексли илажлардың Бағдарламасы» тастыйықланып орынлаўға қаратылды.

Прокурорлардың басламасы менен өткерилген илажлар даўамында 4 мың 518 мектеп ҳәм колледж оқыўшысы, сондай-ақ 1 мың 650 сырт мәмлекетлерге кеткен оқыўшының билимлендириўге қайтарылыўы тәмийинленген.

Жас өспиримлер арасында суицид жағдайларының алдын алыў бойынша билимлендириў мәкемелериниң педагог ҳәм психологлары ушын методикалық қолланба таярланды. Перзент тәрбиясына байланыслы мәселелер қамтып алынған «ата-аналар ушын еслетпе», ерте турмыс қурыўдың унамсыз тәреплерин кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде «Арнаўлы репортаж» атлы тәрбиялық характердеги видеофильм ислеп шығылды.

Н.Абдураимова, ӨзА