Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы, оның район (қала)лық жәмийетлери тәрепинен 2019-жылдың ярым жыллығында әмелге асырылған жумысларды додалаўға бағышланған Федерация Кеңесиниң мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте атап өтилгениндей, 6 ай даўамында Федерация ҳәм оның район (қала)лық жәмийетлерине пуқаралардан 273 мүрәжат келип түскен. Олардың 264и унамлы шешилиўи нәтийжесинде тутыныўшылардың пайдасына 623 миллион сумнан аслам пул қайта есапланған. Мүрәжатлардың дерлик көпшилик бөлеги Нөкис қаласына туўра келеди.

Өзбекстан Республикасының «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2002-жыл 28-ноябрьдеги «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўда жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Федерация ҳәм оның район (қала)лық жәмийетлеринде республикамыз аймақларында жумыс ислеп турған саўда дүканлары ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары тәрепинен халыққа пластикалық карталар арқалы саўда ислеў (хызмет көрсетиў), медициналық мәкемелер және ширкет хожалықлары тәрепинен пуқараларға көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы бойынша үйрениў жумыслары алып барылған.

Мәжилисте барлық районлық ҳәм қалалық жәмийетлери баслықларының баянатлары тыңланды. Жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў бойынша көрсетпелер берилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.