1950-жылы Сырдәрья ўәлаятының Боёвут районында туўылған Абдурасул ата Алланазаров Арал теңизине велосипедте жолға жықты. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

Ол дүньяны гезип жүретуғын Дин Кихот сыяқлы ҳәр қыйлы күтилмеген жағдайларды хош көретуғынлығы, бул арқалы өзиниң өмирин ҳәр қыйлы реңлерге бояў нийетинде екенлигин мәлим еткен.

– Бирақ, шаңарағым, перзентлерим буған қарсы болды. Шаршап қаласыз, велосипедте барыў қыйын, денсаўлығыңыз төменлеп кетиўи мүмкин, деп қарсы болды. Мен қарарымнан қайтпадым, – дейди 69 жаслы ата.

Кешеги мағлыўматларға қарағанда, Абдурасул ата Самарқанда ўәлаятынан өтип, Наўайыға кирип барған.

Мағлыўмат ушын, велосипедте саяхат етиўди хош көретуғын Абдурасул ата 2017-жылы август айында велосипедте Әндижан, Марғылан, Ферғана, Наманган ҳәм Қоқанд қалаларын зыяратлаған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.